Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында 20-октябрь күни Өзбекстан басшылығында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң екинши мәжилиси болып өтти.
Бүгинги күнде ўәкилликли уйымлардың қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлери, мәмлекетлерди турақлы раўажландырыў жолларын излеў бойынша бирге ислесиўдеги жумыслар ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли процесс болып есапланады. Усы тәрепинен бул мәжилисти Түркий мәмлекетлер шөлкеми күн тәртибиндеги оғада әҳмийетли ўақыялардан бири деп айтыў орынлы болып табылады.
Илажда Әзербайжан Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Рамиль Усубов, Қазақстан Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Гизат Нурдаулетов, Қырғыз Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Марат Иманкулов, Түркия Президенти Администрациясы жанындағы Миллий қәўипсизлик кеңесиниң бас хаткери Сейфуллах Хажи Муфту улы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Виктор Махмудов, сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев қатнасты.
Конференцияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Абдулазиз Комилов мәмлекетимиз басшысының мәжилис қатнасыўшыларына мүрәжатын оқып еситтирди.
Мүрәжатта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жедел өсип атырған потенциалы ҳәм абырай-мәртебеси – бул олардың дослығы ҳәм тилеклеслиги екени айрықша атап өтилген.
Самарқандта болып өткен тарийхый саммит жуўмақлары Шөлкемниң раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берди. Бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер, соның ишинде, саўда ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм Инвестициялық фондты шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлер қабыл етилди.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминде Өзбекстанның басшылығында үлкен әҳмийетке ийе, кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бирге ислесиў және де кеңейип, жаңа раўажланыў пәтине ийе болғанына итибар қаратылды.
Түркий мәмлекетлер шөлкемин институционаллық жақтан реформалаў, «жаңа экономикалық имканиятлар мәканы»н жаратыў, транспорт тараўында өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.
Өзбекстанның басшылығы шеңберинде мәмлекетлердиң экономика, саўда, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, космос, энергетика министрликлери ҳәм уйымлары және арнаўлы хызметлер басшыларының бир қатар ушырасыўлары өткерилгени атап өтилди.
Сондай-ақ, мүрәжатта Шөлкем резервлеринен имканияты болғанынша нәтийжели пайдаланыў ҳәм түркий мәмлекетлердиң интеграция бағдарындағы потенциалын барлық тараўларда арттырыў бойынша избе-из жумыс алып барылыўы атап өтилди.
Қәўипсизликтиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысыў, бүгинги тыныш емес дүнья жүзиндеги улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте жуўаплар ислеп шығыўда бундай мәжилислер нәтийжели майдан болып есапланады.
Илаж даўамында қатнасыўшылар Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң қәўипсизликке байланыслы регионаллық күн тәртиби мәселелерине көзқараслары улыўма миллийлигин атап өтти.
Тәреплер турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдиң әмелий жақлары бойынша уйымлараралық байланысларды және де кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.
– Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң биринши мәжилиси өткен жылы Анкарада болған еди, – дейди Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев. – Өткен жылы ноябрь айында Самарқанд қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев. – Өткен жылы ноябрь айында Самарқанд қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларының мәжилиси болып өтти. Сол тарийхый саммитте Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң мәжилисин даўам еттириў керек екенин атап өтти. Екинши мәжилисти Ташкентте өткериў басламасы менен шықты. Бүгинги мәжилистиң күн тәртибинен адам саўдасы, азық-аўқат қәўипсизлиги, наркотрафикке қарсы гүресиў, шегаралардың қолқатылмаслығы сыяқлы мәселелер орын алды. Биз барлық тараўлардағы – азық-аўқат қәўипсизлигинен баслап пуқаралар қәўипсизлигине шекемги мәселелерди көрип шықтық. Терроризм, экстремизм, нәшебентликке қарсы гүресиўге шекемги қәўипсизлик мәселелери додаланды. Мәжилисте қабыл етилген қарарларды избе-из орынлаў, атап айтқанда, қәўипсизлик кеңесиниң ҳәр бир хаткери ҳәм секретариати менен экспертлер топарын шөлкемлестириўге келисилди.
Ушырасыўда, сондай-ақ, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў, климаттың өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, айрықша жағдайлар ҳәм басқа да қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мәселелерине итибар қаратылды. Бул бағдарда бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы мәселелер додаланды.
Тәреплер ўәкилликли уйымлардың өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырыў ҳәм улыўма күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша биргеликтеги қарарларды өз ўақтында ислеп шығыў әҳмийетли екени айтылды. Буның ушын шөлкемге ағза мәмлекетлер Қәўипсизлик кеңеслери секретариатлары арасындағы ушырасыўлардың турақлы механизмин енгизиў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
Конференция шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия делегациясының басшылары, сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери менен еки тәреплеме ушырасыўлары болып өтти.
Еки тәреплеме ушырасыўларды регионаллық қәўипсизлик мәселелери, Аўғанстандағы жағдай, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымлары, арнаўлы хызметлер, қорғаныў ҳәм айрықша жағдайлар министрликлери арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў тийкарында ҳәм шөлкем шеңбериндеги байланысларды жеделлестириў бойынша пикир алысылды.
Тәреплер конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириў, қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге таяр екенин тастыйықлады.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршысы