Усы жыл 21-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 34 жыллығына бағышланып «Өзбек тили – миллий ѳзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиз тымсалы!» сүрени астында салтанатлы мәжилис болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери  жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы  А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 21-октябрь-өзбек тили байрамы күни менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, тил – бул халықтың тарийхын, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин ѳзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийнеси болып табылады.  Себеби, ҳәр бир халықтың ѳзлигин аңлаўда, жәмийеттиң раўажланыўында, инсанлар арасындағы қарым-қатнасты тəмийинлеўде тил оғада әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан да халқымыз арасында «Тил – миллеттиң  руўхый байлығы», «Тил жасаса, миллет жасайды», «Тилге итибар – елге итибар» деген түсиниклер жүдə кең тарқалған.

Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик тилимизди қəстерлеп сақлаў, оның абырайын арттырыў ҳəм келешек əўладларға таза ҳалында жеткерип бериў мəселелери мəмлекетлик сиясат дəрежесине көтерилди.  Сол ушын да быйылғы жылы бул байрам «Өзбек тили – миллий ѳзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиз тымсалы!» сүрени астында кѳтериңки руўхта өткерилмекте. Мәлимлеме-технологиялары жедел пəтлер раўажланып, ҳәр қыйлы жат идеялар миллий идеологиямызға қәўип салып атырған бүгинги дәўирде ана тилимизди сақлаў оғада әҳмийетли мәселелерден бирине айланып бармақта.

Мине, усы тийкарда бүгинги күнде елимизде мәмлекетлик тилимизди буннан былай да раўажландырыўға, оның сѳзлик қурамын байытыўға ҳәм халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин барған сайын жоқарылатыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда қабыл етилген Нызам, пәрман ҳәм қарарлар елимизде мәмлекетлик тилдиң толық енгизилиўин тәмийинлеўге, үлкемиздеги түрли миллет ҳәм халықлардың  тиллерине ҳүрмет сезимлерин күшейтиўге, мәмлекетлик тил сиясатын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлерин ҳəм әҳмийетли бағдарларын белгилеўге беккем тийкар болмақта.

Әсиресе, ѳткен қысқа ўақыт ишинде Президентимиздиң арнаўлы пәрманына муўапық, 21-октябрь – «Ѳзбек тили байрами күни» деп жәрияланғаны, «Ѳзбек тили байрамы күнин белгилеў ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгени, Министрлер Кабинетинде Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң шѳлкемлестирилгени,  «Өзбек тилиниң түсиндирме сѳзлиги»ниң бес томлығының баспадан шығарылғаны, классикалық ҳәм заманагѳй әдебиятымыздың сайланды шығармаларының шет тиллерине аўдарылып атырғаны, сырт мәмлекетлердиң оқыўшылары арасында ѳзбек тили ҳәм әдебияты халықаралық олимпиадасын ѳткериўдиң жолға қойылғаны – булардың барлығы мəмлекетлик тилимизге болған айрықша итибар ҳəм ғамхорлықтың əмелий көриниси болып табылады. Соныӊ ишинде ана тилимизди терең үйрениў, оны илимий тийкарларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў илажлары мәмлекетлик тилимизге болған жоқары ҳүрметти өзинде жəмлейди.

Мәмлекетлик тилдиң сақланыўы – бул халықтың раўажланыўын ҳәм елимиздиң келешегин белгилейтуғын əҳмийетли өлшемлерден саналады. Ол өсип киятырған жас əўладты ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм миллий үрп-әдетлеримиз бенен дәстүрлеримизди сақлаўда айрықша орын ийелейди.

Байрам мүнәсибети менен бир топар өзбек тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшыларына көкирек белгилери тапсырылды.




Илажда Нөкистеги Президент мектебиниң оқытыўшысы Д.Ешимбетова, Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайынының оқытыўшысы Б.Турымбетов шығып сөйлеп, елимизде мәмлекетлик тилди раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Салтанатлы кеше қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.





Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы