Усы жыл 20-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылысының ирге тасы қойылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда атап өтилгениндей, пуқараларымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў сыяқлы әдиўли ўазыйпаларды атқарыўда Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң орны айрықша. Соңғы жыллары Президентимиздиң қарарлары тийкарында ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық базасы беккемленип, хызметкерлерге қолайлы шараятлар жаратып берилмекте.

Нөкис қаласындағы Халықлар дослығы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 40 миллиард 300 миллион сум қаржы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылыўы белгиленген. Бул ҳәкимшилик имарат қурып питкерилиўи менен онда Ишки ислер тараўындағы бир қатар мәкемелердиң жайластырылыўы режелестирилген.



Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги