Ҳүрметли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди жанажан елимизде кеңнен белгиленип атырған қутлы әййям – Өзбек тили байрамы күни менен шын кеўилден қызғын қутлықлайман.
Әлбетте, әзелий қәдириятларымыздың гүлтажы болған ана тилимиз әсирлер сынағынан өтип киятырған уллы ҳәм бийбаҳа руўхый байлығымыз болып есапланады.
Мәмлекетимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм әҳмийетин арттырыў, оны заман талаплары тийкарында раўажландырыў мәселесин биз миллий өзлигимизди түсиниў, миллет руўхын сақлап қалыў, айдын келешегимизди тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторы, деп билемиз. Усы ийгиликли мақсет жолындағы әмелий ҳәрекетлеримиз себепли жәмийетимиз турмысында мәмлекетлик тилдиң қолланылыў шеңбери күн сайын кеңейип, ол халық дилиниң ҳақыйқый айнасына айланбақта.
Әсиресе, кейинги жыллары өзбек тили абырайлы халықаралық әнжуманлар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң минберинен турақлы жаңлап киятырғаны ҳәммемизге мақтаныш бағышлаў менен бирге, дүньяда ана тилимизди үйрениўге умтылып атырған инсанлар қатарын да барған сайын кеңейтпекте.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгинги қуўанышлы әййямда дүньядағы әййемги ҳәм бай тиллерден бири болған өзбек тилиниң абырай-мәртебеси ҳәм дәрежесин жоқарылатыў бойынша әмелге асырып атырған жумысларымыз ҳаққында сөз етип, келешектеги әҳмийетли ўазыйпаларымызды белгилеп алыўымыз тәбийғый болып есапланады.
Бул ҳаққында сөз еткенде, бәринен бурын, Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти жумысының заман талаплары тийкарында шөлкемлестирилип, барлық тараўларда мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў сапасын жақсылаў, атап айтқанда, мәлимлеме-коммуникация бағдарында оны жедел қолланыў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилип атырғанын атап өтиў керек.
Бизге белгили, ҳәр қандай тилди үйрениў ҳәм раўажландырыўда, биринши гезекте, оның теориялық-методологиялық тийкарлары үлкен орын ийелейди. Усы көзқарастан қарағанда, кейинги жыллары «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги», «Алийшер Наўайы энциклопедиясы», «Заҳириддин Мухаммед Бабур энциклопедиясы», «Философия» энциклопедиялық сөзлиги, «Өзбекстан юридикалық энциклопедиясы», «Ислам энциклопедиясы», «Руўхыйлық: тийкарғы түсиниклер сөзлиги», «Педагогика: энциклопедия», «Тарийх атамаларының сөзлиги», «Әдебияттаныў сөзлиги», «Юридикалық атамалар сөзлиги» сыяқлы 40 тан аслам фундаменталь китаплар басып шығарылғаны бул жолдағы әҳмийетли қәдем болды.
Усылардың қатарында өзбек тилиниң электрон миллий корпусы ҳәм прогаммалық өнимлердиң өзбекше қосымшаларын жаратыў, өзбек тилин Интернет тармағында ғалаба ен жайдырыў ҳәм мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеў, мәмлекетлик тилди үйретиўге ҳәм текстти редакторлаўға мөлшерленген бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа қолланыў бойынша да исенимли жумыслар алып барылып атырғанын атап өтиў зәрүр.
Мәмлекетимизде өзбек тили ҳәм әдебияты бағдарында жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў көлеми ҳәм илимий изертлеўлер саны артып бармақта. Ҳәзирги күнде жәми 33 жоқары оқыў орнында усы қәнигелик бойынша кадрлар таярланбақта. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде 7 мыңнан аслам илим кандидатлары ҳәм докторлары, профессор-муғаллимлер өзбек тили ҳәм әдебиятынан сабақ бермекте.
Егер 1992-2012-жыллары, яғный 20 жыл даўамында бул қәнигелик бойынша 730 илимий жумыс қорғалған болса, соңғы 10 жылда бул сан 792 ни қурады.
Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў тийкарларын үйретиў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайында министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер хызметкерлери өзбек әдебий тили нормалары ҳәм орфографиялық қағыйдалар бойынша турақлы оқытылмақта.
Университетте шөлкемлестирилген «Өзбек мектеби»нде болса жүзлеген сырт ел пуқаралары ана тилимиз ҳәм мәдениятымыз тийкарларын үлкен қызығыўшылық пенен үйренбекте. Бул бағдарда кейинги жыллары басып шығарылған өзбекше-қытайша, өзбекше-инглизше, өзбекше-французша, өзбекше-немисше, өзбекше-парсыша сөзлик ҳәм сөзлер әҳмийетли рол атқармақта.
Латын графикасы тийкарындағы әлипбемизди жетилистириў жумыслары да даўам етпекте. Бул мәселе бойынша халқымыз, жәмийетшилигимиз тәрепинен билдирилген барлық пикир-усыныслар айрықша үйренилип, додалаўдан өткеннен соң тийисли нызам жойбарын және бир мәрте көрип шығып, парламентке киргизиў мақсетке муўапық болып есапланады.
Әзиз дослар!
Биз мәмлекетлик тилдиң раўажланыўын дүньядағы жетекши шет тиллер ҳәм мәмлекетимиздеги ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң тили ҳәм мәдениятын раўажландырыў менен байланыслы ҳалда көремиз.
Ҳәзирги күнде елимизде билимлендириў 7 тилде алып барылмақта. Республикамыздағы 1453 ғалаба хабар қуралы ҳәм жүзлеген веб-сайтлар арқалы қарақалпақ, рус, қазақ, тәжик, түркмен, корейс, түрк, араб, инглис, немис ҳәм басқа тиллерде де материаллар жәрияланбақта.
Биз Өзбекстанды теңлик, дослық ҳәм кеңпейиллик үлкесине айландырыў мақсетинде ҳәр қыйлы миллетке тийисли пуқараларымыздың тил тараўындағы ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған жумысларымызды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Өткен әсир басларында ағартыўшы жадид бабаларымыз «Тилде, пикирде, жумыста бирлик» деген ийгиликли идея тийкарында ортаға шығып, халқымызды колониялық зулымнан қутқарыў, оны заманагөй илим, кәсип-өнер ҳәм мәдениятқа дос етиў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырған еди.
Мине, усындай бирдей мақсетлер, улыўма миллий бирлик ҳәм татыўлық бүгин биз ушын ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзирги оғада кескин ҳәм қәўип-қәтерли заманда тек ғана усы тийкарда өз миллий мәплеримизди исенимли қорғаўға, соның ишинде, ана тилимизди қәстерлеп сақлаў ҳәм байытыў, оны илим, экономика, билимлендириў, медицина, мәлимлеме-коммуникация, дипломатия ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда тәсиршең сөйлесиў қуралына айландырып, раўажланыў пәтлерине үнлес ҳалда раўажландырыўға, халықаралық абырайын мүнәсип дәрежеге көтериўге ерисе аламыз.
Өз гезегинде, уллы шайырымыз Еркин Воҳидов айтқанындай, «Ана тили – улыўма миллет мүлки. Демек, тилдиң алдындағы жуўапкершилик те улыўма миллий болып, бул жалғыз тилтаныўшылардың емес, ал пүткил миллеттиң жумысы» екенин бәрқулла есте сақлаўымыз керек.
Пурсаттан пайдаланып, мине, усы ҳақыйқатты терең түсинип, бул жолда шын кеўилден хызмет етип атырған, өзбек тилиниң ҳақыйқый пидайысы ҳәм досты болған барлық мийнеткеш ҳәм жанкүйер инсанларға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Қәдирли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды 21-октябрь – Өзбек тили байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, барлығыңызға беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық тилеймен.
Мине, усындай уллы ағартыўшылық байлықты жаратқан халқымыз бәрқулла аман болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти