Мәмлекетимиз таў-кән санааты аўыр жоғлатыўға ушырады.

«Алмалық кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң «Қолмақир» кәнинде көп жыллар пидайы хызмет еткен шебер эксковатор мишинисти, мийнет ветераны, Өзбекстан Қаҳарманы Жонсаид Турдиев усы жылы 20-октябрьде 69 жасында қайтыс болды.

Ж.Турдиев 1954-жылы 20-июнь күни Ташкент ўәлаятының Бўка районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, әскерий хызметти тамамлағаннан соң, Ташкент ўәлаяты, Алмалық қаласындағы 80-автокәрханада айдаўшы болып жумыс баслады.

1977-жылдан Алмалық кән-металлургия комбинаты системасында жумысын даўам еттирип, дерлик отыз жыл даўамында «Қолмақир» кәнинде жемисли мийнет етти, көплеген шәкиртлер таярлап, мәмлекетимиздиң таў-кән санаатының раўажланыўына үлкен үлес қосты.

Өз кәсибиниң ҳақыйқый жанкүйери болған Ж.Турдиев билим ҳәм тәжирийбеси, мийнетсүйгишлик, мәртлик ҳәм жигерлилик, жанажан Ўатамызға муҳаббат сыяқлы жоқары адамгершилик пазыйлетлери менен тек ғана жәмәәти емес, ал көп миллетли халқымыздың ҳүрмет-иззетине еристи.

Кейинги жыллары жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, Алмалық қалалық «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, белсенди үгит-нәсиятшы сыпатында аймақта реформаларды әмелге асырыў, халықты социаллық қорғаў, ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери арасында дослық ҳәм татыўлықты беккемлеўде жанкүйерлик көрсетти.

Ж.Турдиевтиң мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы хызметлери жоқары тән алынып, ол 1998-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы ҳәм «Алтын жулдыз» медалы менен сыйлықланған еди.

Мәмлекетимиз кән-металлургия тараўының белгили ўәкили, ҳүрметли ҳәм кишипейил инсан Жонсаид Турдиевтиң естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, З.Мирзаев, А.Хурсанов