Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өтип атырған видеоселектор мәжилисинде суў машқаласы күн сайын әҳмийетли болып атырғаны атап өтилди.

Кейинги еки жылда суў хожалығына, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларға үлкен муғдарда субсидия ажыратылған.

Бирақ өткен жылы пайдаланылған 39 миллиард куб метр суўдың 36 проценти  топырақлы канал ҳәм салмаларда жойтылғаны көрсетип өтилди.

Буннан тысқары, жерлердиң 70 проценти ески усылда суўғарылғаны себепли, 5-6 миллиард куб метр суў пайдасыз жумсалып, коллекторларға тасланып атырғаны айтылды.

Бүгинги күнде 2,5 миллион гектар майданды суўғарыў ушын 5 мыңнан аслам насос жумсалып, жылына 7 миллиард киловатт саат электр жумсалады. Бирақ, 80 процент насослар 35-40 жылдан берли жумсалып, өз ресурсларын өтеп болған.

Мәмлекетимиз басшысы суў хожалығындағы бундай жағдайдан терең тәшиўиште екенин атап өтип, тараў жуўапкерлерине қатты наразылық билдирди.

Каналларды бетонлаў арқалы ысырапгершиликлерди азайтыў, насосларды энергия үнемлейтуғынына алмастырыў, суў қурылмаларында автоматласқан есаплағыш орнатыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги