Ҳүрметли Гутерриш мырза!

Ҳүрметли Хань Чжэн мырза!

Ҳүрметли делегация басшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин мырзаға «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумында қатнасыўға мирәт еткени ҳәм жыллы қабыллағаны ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

«Мәкан ҳәм жол» басламасының он жыллығы мүнәсибети менен қытайлы досларымыз ҳәм илаждың барлық қатнасыўшыларының атына билдирилген қутлықлаў сөзлерине қосыламан.

Уллы жипек жолын қайта тиклеўге қаратылған уллы идея тарийхый жақтан қысқа дәўирде көплеген тәрепдарларына ийе болды ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа моделине айланды. Ол улыўмалық раўажланыў ҳәм абаданлыққа ерисиў жолындағы зәрүр, инклюзив ҳәм ашық платформаға айланды.

Дүньядағы жетекши мәмлекетлер арасындағы өз-ара исеним кризиси себепли пайда болған ҳәзирги геосиясий турақсызлық шараятында бул бағдарламаның орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Қытайдың ҳәр тәреплеме стратегиялық шериги сыпатында Өзбекстан бириншилерден болып «Мәкан ҳәм жол» басламасын қоллап-қуўатлағанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Биз бул басламаның тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларын және де алға қойыўдың исенимли тәрепдарымыз.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Қытайдың «Жасыл жипек жолы» басламасы мәнис итибары менен улыўмалық «жасыл» келешек күн тәртибин қәлиплестиреди, деп есаплаймыз. Бул идея Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин мырза тәрепинен биринши мәрте 2016-жылы бизиң мәмлекетимизде жәрияланғаны терең рәмзий мәниге ийе.

Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азия дүньядағы климат өзгериўи ақыбетлеринен ең көп зыян көрип атырған регионлардан бири екенин атап өтпекшимен.

Ҳәзирги ўақытта бизиң регионымыз мәмлекетлери глобал ысыў, экологиялық турақлылық бузылыўының аномал ҳаўа-райы шараятлары, тез-тезден жүз берип атырған қурғақшылық ҳәм шаң боранлары, жерлердиң жеделлик пенен деградацияға ушыраўы ҳәм шөллениўи, био ҳәртүрлиликтиң жоқ болыўы көринисинде көзге тасланып атырған қатаң қәўиплерин өзинде толық сезинбекте.

Бир ғана мысал – көп жыллық бақлаўлар ҳәзирги күнде Орайлық Азияда орташа ҳаўа температурасының артып барыўы дүньядағы улыўмалық көрсеткишлерден еки мәрте жоқары екенин көрсетпекте.

Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясында қабылланған арнаўлы резолюция шеңберинде Аралбойында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймақларын жаратыў бойынша кең көлемли бағдарламаны әмелге асырмақтамыз.

Өзбекстан усы жылдың сентябрь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң басламасына бола өткерилген Климат өзгериўи менен байланыслы үлкен ўазыйпалар саммитин де жоқары баҳалайды ҳәм усы әнжуман жуўмақларының тезирек әмелге асырылыўына үмит билдиреди.

Биз 2024-жылы Орайлық Азияда «жасыл» раўажланыў тараўындағы мақсетлерге ерисиў жолында пикир алысыў ҳәм ҳәрекетлерди бирлестириў ушын Самарқанд халықаралық климат форумын өткериў нийетиндемиз.

Бул форум турақлы раўажланыў жолындағы глобал қәўип-қәтерлерге жуўап табыў ушын «Келешек ушын – Самарқанд қарым-қатнасы»н шөлкемлестириўде әмелий қәдем болып хызмет етеди деп үмит етемиз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Өзбекстан «Жасыл жипек жолы» шеңберинде кең көлемли халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар.

Усы мүнәсибет пенен Қытай ҳәм «Мәкан ҳәм жол» саммитиниң басқа қатнасыўшылары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша пикирлеримиз бенен ортақласпақшымыз.

Бириншиден, биргеликтеги ҳәрекетлеримизди және де тығыз муўапықластырыў мақсетинде «Орайлық Азияның «жасыл» күн тәртиби» ҳәм «Жасыл жипек жолы» концептуаллық басламаларының өз-ара байланыслы ҳалда әмелге асырылыўы тәрепдарымыз.

Төмендеги әҳмийетли ўазыйпалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемдеги «Жасыл раўажланыў бағдарламасы»н ислеп шығыўды усыныс етемизҮ экономика тармақларын «жасыл» раўажланыў талаплары тийкарында трансформациялаў ҳәм санластырыў, транспорт ҳәм энергетика тармақларында турақлы инфраструктураны жаратыў, «жасыл» санаат қуўатлықларын иске қосыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў.

Екиншиден, «жасыл» өндирис шынжырларын ҳәм инновацияларды раўажландырыў тараўында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўди әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Қытайдың жетекши компаниялары менен биргеликте ҳәм басқа да сырт ел бирге ислесиўшилерин тартқан ҳалда, «жасыл технологиялар»ды кеңнен енгизиў тийкарында санаат тараўында ҳәм зәрүр социаллық әҳмийетке ийе болған бағдарламаларды әмелге асырыў ушын Аралбойы регионында Арнаўлы үлгили технологиялық паркти шөлкемлестириўге таярмыз.

Үшиншиден, Қытайдың «Мәкан ҳәм жол» бағдарламасының «жасыл» инвестициялар принциплери» бағдарындағы басламасын қоллап-қуўатлаймыз ҳәм оны әмелге асырыўда қатнасыў нийетиндемиз.

Өзбекстанда «Жасыл қаржыландырыў» қорын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул қор аз углеродлы экономика ҳәм «таза» технологияларды раўажландырыў, сондай-ақ, регион мәмлекетлеринде жоқары экологиялық стандартларды енгизиў ушын қаржы ресурсларын жумсаўдың тәсиршең қуралына айланады.

Төртиншиден, биз «Мәкан ҳәм жол» бағдарламасында қатнасып атырған мәмлекетлерди «жасыл» өнимлер, әсиресе, аўыл хожалығы өнимлериниң өз-ара саўдасындағы шеклеў ҳәм тосқынлықларды азайтыўға шақырамыз.

Бесиншиден, «жасыл» энергияға өтиў бойынша пикирлесиўди жеделлестириў ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасына қосылған мәмлекетлер министрлериниң турақлы ушырасыўларын өткериўди зәрүр, деп билемиз.

Бул қайта тикленетуғын энергия тараўында халықаралық күн тәртибин кеңейтиў бойынша өз-ара муўапықластырылған қатнасларды ислеп шығыў имканиятын беретуғынына исенемиз.

Алтыншыдан, Аралбойы халықаралық инновациялар орайы тийкарында «жасыл» билим ҳәм шешимлерди трансферлеў бойынша илимий-мәлимлеме платформасын иске қосыўды усыныс етемиз.

Жетиншиден, биз Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети тийкарында «Жасыл» раўажланыў ҳәм экология тараўында қәнигелер таярлаў ҳәм академиялық алмасыўды раўажландырыў бойынша биргеликтеги бағдарлама ислеп шығыўды тәрепдарымыз.

Бул бағдарда Қытай ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасының басқа қатнасыўшы мәмлекетлериниң жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм билимлендириў орайлары бизиң шериклеримиз сыпатында қатнасыўы мүмкин.

Қулласы, биз жәмийетте тәбийғый ресурслар ҳәм қоршаған орталыққа абайлы түрде қатнаста болыў бойынша дәстүрий қәдириятларды енгизбестен турып, «жасыл» раўажланыўға өтиў мүмкин емес, деп есаплаймыз.

Усы мүнәсибет пенен «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде «жасыл» мәдениятты раўажландырыў бойынша Глобал бағдарламаны иске қосыўды ҳәм онда этно-экологиялық фестивальлар, форумлар, мәмлекетлеримиздеги белгили жәмийетлик ғайраткерлер, илим, бизнея ҳәм мәденият ғайраткерлериниң қатнасыўында презентациялар ҳәм илажларды өткериўди нәзерде тутыўды усыныс етемиз.

Ҳүрметли делегация басшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Данышпан қытай халқының мақалында айтылғанындай, «Келеси әсирдиң бахыты усы әсирде қурылады».

Бүгин биз ҳәрекетлеримизди бирлестирген ҳәм күшейткен ҳалда, инсанияттың «жасыл» келешеги ушын беккем тырнақ жаратпақтамыз.

Бүгинги ушырасыўымыздың жуўмақлары, билдирилген идея ҳәм усыныслар бизиң мине усы ийгиликли мақсетке ерисиў жолындағы улыўма анық үлесимиз болатуғынына исенемен.

Ҳәммеңизге табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.