Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола 17-18-октябрь күнлери «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумда қатнасыў ушын әмелий сапар менен Пекин қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 18-октябрь күни «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумының ашылыў мәресиминде ҳәм «Инсан ҳәм тәбият үнлеслиги жолында «Жасыл жипек жолын» биргеликте қурыў», атамасындағы жалпы мәжилисте қатнасты.
Қытай вице-президенти Хань Чжэнниң модераторлығында өткен саммиттиң жумысында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, мәмлекет ҳәм ҳүкиметлердиң жетекшилери, қаржы институтларының басшылары да қатнасты.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде барлық қатнасыўшыларды «Мәкан ҳәм жол» басламасының он жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Уллы жипек жолын қайта тиклеўге қаратылған бул уллы идея тарийхый жақтан қысқа дәўирде көплеген тәрепдарларға ийе болғаны ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа моделине айланғаны атап өтилди.
Қытайдың ҳәр тәреплеме стратегиялық шериги сыпатында Өзбекстан бириншилерден болып «Мәкан ҳәм жол» басламасын қоллап-қуўатлаған ҳәм бул басламаның тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларын және де алға қойыўдың исенимли тәрепдары болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы «Жасыл жипек жолы» басламасы мазмун ҳәм итибар менен улыўма «жасыл» келешек күн тәртибин қәлиплестиретуғынын атап өтти.
ҚХР Баслығы Си Цзиньпин тәрепинен биринши рет 2016-жылы әйне бизиң мәмлекетимизде алға қойылған бул басламаны Өзбекстан ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.
Регионымыздағы аномал ҳаўа-райы шараятлары, тез-тез жүз берип атырған қурғақшылық ҳәм шаң боранлары, жерлердиң жедел пәт пенен деградацияға ушыраўы ҳәм шөлистанлық, био-көптүрлиликтиң жоқ болып кетиўи көринисинде көзге тасланып атырған қыйын экологиялық жағдайға тоқтап, мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия дүньядағы климаттың өзгериўи ақыбетлеринен ең көп зыян көрип атырған регионлардан бири екенин атап өтти.
Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген арнаўлы резолюция шеңберинде Аралбойында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймақларын жаратыў бойынша кең көлемли бағдарламаны әмелге асырып атырғаны атап өтилди.
Усы мәнисте, быйылғы жылдың сентябрь айында БМШ Бас хаткериниң басламасына бола өткерилген Климат өзгериўине байланыслы үлкен ўазыйпалар саммитиниң жуўмақларына жоқары баҳа берилди.
Орайлық Азияда «жасыл» раўажланыў тараўындағы мақсетлерге ерисиў жолында пикир алысыў ҳәм ҳәрекетлерди бирлестириў ушын Өзбекстан басшысы 2024-жылы Самарқанд халықаралық климат форумын өткериў басламасы менен шықты.
– Бул форум турақлы раўажланыў жолындағы глобаллық қәўип-қәтерлерге жуўап табыў ушын «Келешек ушын – Самарқанд қарым-қатнасы»н шөлкемлестириўде әмелий қәдем болып хызмет етеди, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз «Жасыл жипек жолы» шеңберинде кең көлемли халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екени атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан жетекшиси Қытай ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасының басқа да қатнасыўшылары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша пикирлери менен ортақласты.
«Орайлық Азияның «жасыл» күн тәртиби» ҳәм «Жасыл жипек жолы» концептуаллық басламаларын өз-ара байланыстырыў шеңберинде экономика тармақларын «жасыл» раўажланыў талаплары тийкарында трансформациялаў ҳәм санластырыў, транспорт ҳәм энергетика тармақларында турақлы инфраструктураны жаратыў, «жасыл» санаат қуўатлылықларын иске қосыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў илажлары ҳәм жойбарларын өз ишине алған «Жасыл» раўажланыў бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.
«Жасыл жипек жолы»н қурыў жолындағы және бир әҳмийетли ўазыйпа – «жасыл» өндирис шынжырларын ҳәм инновацияларды раўажландырыў.
Қытайдың жетекши компаниялары менен биргеликте ҳәм басқа да сырт елли бирге ислесиўшилерди тартқан ҳалда, «жасыл технологиялар»ды кеңнен енгизиў тийкарында санаат тараўында да айрықша социаллық әҳмийетке ийе болған бағдарламаларды әмелге асырыў ушын Аралбойы регионында Арнаўлы үлгили технологиялық паркти шөлкемлестириўге таярлық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы кем углеродлы экономика ҳәм «таза» технологияларды раўажландырыў, сондай-ақ, регион мәмлекетлеринде жоқары экологиялық стандартларды енгизиў мақсетинде Өзбекстанда «Жасыл қаржыландырыў» қорын шөлкемлестириўди усыныс етти.
Сондай-ақ, Өзбекстан жетекшиси «жасыл» өнимлер, әсиресе, аўыл хожалығы өнимлериниң өз-ара саўдасындағы шеклеў ҳәм тосқынлықларды азайтыўға шақырды.
«Жасыл» энергетикаға өтиў бойынша сөйлесиўди жеделлестириў ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасына қосылған мәмлекетлер министрлериниң турақлы ушырасыўларын өткериў усынысы билдирилди.
Өзбекстан Президенти Аралбойы халықаралық инновациялар орайы негизинде «жасыл» билим ҳәм шешимлерди трансферлеў бойынша илимий-мәлимлеме платформасын иске қосыў басламасын алға қойды.
«Жасыл» раўажланыў ҳәм экология тараўы ушын маман кадрлардың жетиспеўшилиги артып атырғанын есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климаттың өзгериўин үйрениў университети негизинде жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм билимлендириў орайлары менен биргеликте «Жасыл» раўажланыў ҳәм экология тараўында қәнигелер таярлаў ҳәм академиялық алмасыўды раўажландырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны ислеп шығыўды усыныс етти.
Буннан тысқары, Президентимиз тәбийғый ресурслар ҳәм қоршаған орталыққа итибарлы болыў мәселесине тоқтап өтти.
«Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде белгили жәмийетлик ғайраткерлер, илим, бизнес ҳәм мәденият ғайраткерлериниң қатнасыўында этно-экологиялық фестивальлар, форумлар, презентациялар ҳәм басқа да илажлар өткериўди нәзерде тутатуғын «жасыл» мәдениятты раўажландырыў бойынша Глобаллық бағдарламаны иске қосыўды усыныс етти.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында форум жуўмақлары, онда билдирилген идея ҳәм усыныслар инсанияттың «жасыл» келешегин қурыў жолында әҳмийетли үлес болатуғынына исеним билдирди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайға сапарының екинши күни Халық сиясий мәсләҳәт кеңеси Пүткилқытай комитетиниң Баслығы Ван Хунин, «China CAMC Engineering» компаниясының баслығы Ван Бо, «China Energy Engineering Corporation» баслығы Сун Хайлян, «State Grid» компаниясы баслығы Синь Баоан менен ушырасыў өткерди.
Халық сиясий мәсләҳәт кеңеси Пүткилқытай комитети Баслығы Ван Хунин мәмлекетимиз басшысы «Мәкан ҳәм жол» үшинши халықаралық форумында алға қойған әҳмийетли басламаларды жоқары баҳалады ҳәм буның ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан – Қытай дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў перспективалары додаланды.
Конструктивлик сиясий сөйлесиўдиң бүгинги дәрежеси ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги өз-ара жәрдем айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Самарқанд ҳәм Сиань қалаларында өткен саммитлер даўамында ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылмақта.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў унамлы пәт пенен раўажланып бармақта. Аймақлар арасындағы байланыслар жеделлести. Кейинги айларда Өзбекстанға Шинжон-Уйғур автономиялық аймағы, Шаньдун, Шэньси, Цзянсу ҳәм Цзянси провинцияларының делегациялары келди.
Мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳәм билимлендириўдеги алмасыўды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
«САМСЕ» Қытайдың инжиниринг хызметлерин көрсететуғын ҳәм санаат ҳәм инфраструктура тараўларында ири инвестициялық жойбарларды әмелге асыратуғын жетекши корпорациялар болып есапланады.
Компания елимизде үлкен жумыс тәжирийбесине ийе. Бүгинги күнде «САМСЕ» 2025-жылы Өзбекстанда өткерилетуғын жаслар арасындағы Азия ойынларына таярлық шеңберинде олимпия қалашасы қурылысында қатнаспақта.
«China CAMC Engineering» компаниясы баслығы Ван Бо менен ушырасыўда қоспа жойбарларды көбейтиўдиң әмелий жақлары, соның ишинде, мәмлекетимиз аймақларында гидротехнологиялық қурылмалар ҳәм Жаңа Ташкентте заманагөй инфраструктураны қурыў, алдынғы технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы қоспа жойбарлар ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша айрықша «жол картасы»н қабыл етиўге тапсырма берди.
Заманагөй энергетика, инфраструктура ҳәм санаат объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурыў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе Қытайдың «China Energy» жетекши корпорациясы дүнья жүзиниң көплеген мәмлекетлеринде ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырмақта. Компания активлериниң баҳасы 150 миллиард доллардан аслам.
«China Energy Engineering Corporation» баслығы Сун Хайлян менен ушырасыўында компания Өзбекстан энергетикасын технологиялық жақтан модернизациялаўда жедел қатнасып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
«China Energy» Қашқадәрья ҳәм Бухара ўәлаятларында қуяш ҳәм самал электр станциялары, Сырдәрья ўәлаятында ыссылық электр станциясын қурыў жойбарларын әмелге асырмақта.
Компания Наўайы ўәлаятында гибрид электр станциясын қурыўда қатнасыў нийетинде.
Буннан тысқары, усы жылы сентябрь айында Самарқанд ўәлаятында цемент ислеп шығарыў бойынша заманагөй қуўатлылықлар биргеликте иске қосылды.
«China Energy» менен шериклик перспективалары, соның ишинде, инфраструктура объектлерин модернизациялаў, энергияны сақлаў системаларын шөлкемлестириў, энергетика тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде маман қәнигелерди таярлаў мәселелери додаланды.
Суў хожалығында кооперациялаў, санааттың түрли тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўға да айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша комплексли бағдарламаны таярлаў бойынша келисимге ерисилди.
Қытайдың «State Grid» электр тармақлары корпорациясы бул тараўдағы глобаллық жетекши болып, Fortune Global 500 рейтингинде жоқары орынларды ийелеп келмекте.
Компания электр узатыў тармақларын қурыў ҳәм оларды эксплуатациялаў бойынша кең көлемли жойбарларды әмелге асырыў бағдарында, соның ишинде, сырт мәмлекетлерде үлкен тәжирийбеге ийе. Активлериниң баҳасы 800 миллиард доллар әтирапында.
«State Grid» компаниясының баслығы Синь Баоан менен бул компанияның қатнасыўында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, жоқары вольтли электр узатыў линияларын қурыў ҳәм инфраструктура объектлерин модернизациялаў, онда алдынғы инжиниринг шешимлери ҳәм жоқары технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиздиң энергетика тармағы ушын жоқары маман қәнигелерди таярлаўға айрықша итибар қаратылды.
Қоспа жойбарларды жеделлестириўге қаратылған «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қытай Халық Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА