Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Қубла Кореяның “Инсанлар” фондыныӊ ўәкили Чон Ю Сеок, Корея иммиграция бойынша ҳәкимшилик суды корпорациясыныӊ ўәкили Ким До Гюн, “Ewha Industrial Power” компаниясыныӊ ўәкили Ли Нам ҳәм басқа да бир қатар ўәкиллерди қабыл етти.
Онда Қубла Корея мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылып, республикамыздыӊ пуқараларын Корея мәмлекетинде жумыс пенен тәмийинлеў, өндирис бағдарларында маманлығын арттырыўы ушын мүмкиншилик жаратыў, тил үйрениўине жәрдем бериў сыяқлы бир қатар әҳмийетли бағдарлар сөз етилди.
Бүгинги тез пәт пенен раўажланып баратырған дәўирде жоқары тәжирийбеге ийе маман кадрларды таярлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Ушырасыўда усы бағдарда бирге ислесиўди кеңейтиў, республикамыз аймағында тил үйрениў курсларын шөлкемлестириў, жергиликли пуқаралардың Корея мәмлекетинде санаат, өндирис тараўларында жумыс үйрениўине шараят жаратыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бағдарында республикамыздағы “Моно орай”лардың имканиятларынан пайдаланыў сыяқлы мәселелер атап өтилди.
Делегация ағзалары жыллы жүзлилик пенен қутип алғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги