Бас прокуратура жанындағы  Департаменттиң Кегейли районы бөлими хызметкерлери тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда жасалма усылда таярланған спиртли ишимликлер айланысының алды алынды,

Атап айтқанда пуқаралар  А.У., Д.Е. ҳәм  Б.Д. тутыныўшылардың өмири ҳәм денсаўлығының қәўипсизлиги талапларына жуўап бермейтуғын жасалма усылда таярланған  546 дана “QARATAW” қәлбеки акциз маркалы алкоголь өнимин 11 миллион сумға сатқан ўақтында усланды. Илаж даўамында Б.Д.ның үйинен және 299 дана жасалма усылда таярланған  алкоголь өними айғақлы дәлил ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги