Бүгин, 18-октябрь күни Қытай пайтахты Пекин қаласында өтип атырған «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумы шеңберинде саммитке келген делегациялар басшыларының өмирлик жолдаслары қатнасыўындағы илажлар да болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң өмирлик жолдасы Зироат Мирзиёева Қытай Халық Респубдикасы Баслығының өмирлик жолдасы Пэн Лиюань менен биргеликте Қытай көркем өнер ҳәм өнерментшилик миллий музейине барды.

Бул музейге 1990-жылы тийкар салынған, 2021-жылы оның ушын жаңа имарат қурылған. Музей Қытайдың әййемги ҳәм ҳәзирги әмелий өнерментшилигиниң ҳәр қыйлы бағдарларын өзинде сақлайды. Соның ишинде, бул жерде көркем гүлалшылық, кестешилик, пил сүйеги, нефрит, ағаш ҳәм тас оймакерлиги, алтын, гүмис ҳәм мыстан таярланған зергерлик буйымлары, сүўретли вазалар ҳәм халық буйымларының бай коллекциясы бар.

Президентимиздиң өмирлик жолдасы Зироат Мирзиёева биринши ханымлар менен бирге усы экспонатларды көзден өткерди. Оларға Қытай өнерментшилиги тарийхы, буйымларда көрсетилген нағыслар ҳәм белгилер ҳаққында айтып берилди.

Буннан соң ханымлар Қытай халық операсы үлгилеринен ибарат концерт бағдарламасын тамашалады. Онда тәбият гөзаллығы, тынышлық ҳәм жақсылық, халықлар арасындағы дослық туйғылары нәзик нама ҳәм аяқ ойынлар менен үнлес түрде көрсетилди. Биринши ханымлар концерт атқарыўшылары менен бирге сүўретлерге түсти.




Ушырасыў әдеттегидей жыллы ҳәм қызғын орталықта өтти.

ӨзА