Пекин қаласына әмелий сапар шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзине ажыратылған резиденцияда “State Grid” компаниясы баслығы Синь Баоанды қабыллады.
Қытайдыӊ электр тармақлары корпорациясы усы тараўдағы глобал жетекши болып, Fortune Global 500 рейтингинде жоқары орынларды ийелеп келмекте.
Компания электр жеткерип бериў тармақларын қурыў ҳәм оларды эксплуатациялаў бойынша кеӊ көлемли жойбарларды әмелге асырыў бойынша, сондай-ақ, сырт еллерде үлкен тәжирийбеге ийе. Активлериниӊ көлеми 800 миллиард долларға шамалас.
Бул компанияныӊ қатнасында преспективалы жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, жоқары вольтлы электр жеткерип бериў линияларын қурыў ҳәм инфраструктура объектлерин модернизациялаў, онда алдынғы инжиниринг шешимлери ҳәм жоқары технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиздиӊ энергетика тармағы ушын жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаўға айрықша итибар қаратылды.
Биргеликтеги жойбарларды жеделлестириўге қаратылған “жол картасы”н қабыллаўға келисип алынды.
ӨзА