Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (UNWTO) Бас Ассамблеясыныӊ 2023-жыл 16-20-октябрь күнлери Самарқанд қаласында өткерилип атырған юбилей 25-сессиясы шеӊберинде “Өзбекстан темир жоллары” АЖ ҳәм Италияныӊ “ARSENALE S. P.A.” компаниясы арасында биринши жойбар бойынша өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға қол қойылды.

Бул ҳаққында Транспорт министрлигиниӊ мәлимлеме хызмети мәлим етти.

“Luxury Train Cruising” саяхатшылық поездыныӊ иске түсирилиўи Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы ушын әҳмийетли ўақыя болыўы күтилмекте. Поезд жолаўшыларына саяхат ўақтында максимал қолайлықты тәмийинлеў ушын барлық заманагөй қолайлықлар менен үскенеленген болады.

 

Муҳайё Тошқораева, ӨзА