Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-октябрь күни Пекин қаласында «China CAMC Engineering» компаниясының баслығы Ван Вонды қабыллады.
«CAMCE» Қытайдың инжиниринг хызметлерин көрсетиўши сондай-ақ, санаат ҳәм инфраструктура тараўларында ири инвестиция жойбарларын әмелге асырыўшы жетекши корпорациясы болып есапланады.
Компания елимизде үлкен жумыс тәжирийбесине ийе. Ҳәзирги күнде «CAMCE» 2025-жылы Өзбекстанда өткерилетуғын жаслар арасындағы Азия ойынларына таярлық шеңберинде олимпиада қалашасы қурылысында қатнаспақта.
Ушырасыўда биргеликтеги жойбарларды көбейтиўдиң әмелий өзгешеликлери, соның ишинде, мәмлекетимиз аймақларында гидротехникалық имаратлар ҳәм Жаңа Ташкентте заманагөй инфраструктураны қурыў, алдыңғы технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги жойбарлар ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша айрықша «жол картасы»н қабыллаўға тапсырма берди.
ӨзА