Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Қытай Халық Республикасында болып тур.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-октябрь күни Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиўлер өткерди.
Өзбекстан менен Қытай арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў алдында Президентимиз мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ушын Қытай жетекшисине миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан басшысы ҚХР Баслығын Қытай шөлкемлескен күн ҳәм «Бир мәкан, бир жол» басламасының он жыллық юбилейи менен шын кеўилден қутлықлады.
– «Мәкан ҳәм жол» басламасы қысқа тарийхый дәўир ишинде улыўмалық раўажланыўға ерисиў жолындағы бирге ислесиў ушын әҳмийетли, инклюзив ҳәм ашық платформаға айланды. ҚХР Баслығының «Жасыл жипек жолы» басламасы биринши мәрте 2016-жылы Өзбекстанда билдирилгени терең рәмзий мәниге ийе, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстан Қытай менен көп тәреплемели қатнасықларды және де тереңлестириўге исенимли умтылатуғыны атап өтилди.
Ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти жаңа дәўирде раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарлама әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл май айындағы Қытайға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер избе-из орынланып атырғаны, сиясий қарым-қатнас беккемленип, тийкарғы мәселелер бойынша тәреплер бир-бирин қоллап-қуўатлап атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта.
Кейинги жыллары Қытай инвестицияларының көлеми бес есеге, биргеликтеги кәрханалардың саны үш есеге көбейди. Усы жылдың басынан берли өз-ара саўда көлеми 36 процентке артты. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткиш 10 миллиард доллардан артыўы күтилмекте.
Товар алмасыўды жақын бес жылда 20 миллиард долларға жеткериў ушын барлық тийкарлар бар екенлиги ҳаққында бирдей пикир билдирилди.
Қытай компаниялары ҳәм қаржы институтларының қатнасыўында жоқары технологиялар, альтернатив энергетика, химия, машина қурылысы, металлургия, электротехника тармақларында, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм басқа да бағдарларда бир қатар ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан жоқары қосымша қунлы инновациялық өнимлер ислеп шығарыўды биргеликте шөлкемлестириў арқалы жоқары технологиялық жойбарларды көбейтиўден мәпдар екенлиги билдирилди.
Қытайдың жетекши банклери ҳәм «Жипек жолы» фонды менен нәтийжели бирге ислесиўге жоқары баҳа берилди.
Аймақлараралық байланыслар жеделлескени атап өтилди. Жылдың басынан Өзбекстанға Шинжан – Уйғыр автоном аймағы, Шэньси, Шаньдун, Цзянсу ҳәм Цзянси провинцияларының делегациялары келди.
Қытайдың кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў бағдарында нәтийжели тәжирийбе алмасыў ҳәм әмелий бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
Барлық келисимлердиң орынланыўы барысын көрип шығыў мақсетинде Ҳүкиметлераралық комитеттиң гезектеги мәжилисин өткериў усыныс етилди.
Жетекшилер мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында қызғын бирге ислесиўди жоқары баҳалады. Қытай 2023-жылды «Орайлық Азия ҳәм Қытай халықларының мәденияты ҳәм көркем өнер жылы» деп жәриялаў басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирилди.
Жақында Ханчжоудағы Жипек миллий музейинде Өзбекстанның презентациясы болып өтти. Пекиндеги «Гугун» сарайы музейинде «Мәкан ҳәм жол» басламасы шеңбериндеги Археологиялық бирге ислесиў көргизбесинде тарийхый мийрасымыз экспозициясы шөлкемлестирилди.
Октябрь айының ақырында Өзбекстанда Қытай мәденияты күнлери, келеси жылдың бәҳәринде болса Қытайда Өзбекстан мәденияты күнлерин өткериў режелестирилген.
Өзбекстанда, әсиресе, жаслар арасында қытай тилин үйрениўге қызығыўшылық артып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ташкент ҳәм Самарқандтағы Конфуций институтының нәтийжели жумысы оған үлкен үлес қоспақта. Қытай тилин оқытыўды ҳәм жас илимпазлар арасындағы алмасыўды кеңейтиў режелери белгилеп алынды.
Өзбекстан Президенти Ташкентте Қытайдың жетекши Цинхуа университети ҳәм Пекин университети филиалларын ашыўды усыныс етти.
Регионаллық күн тәртиби ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.
«Бирден-бир Қытай» сиясаты ҳәм «үш жаўыз күш»ке қарсы гүресиў бағдарындағы позиция өзгермес екени тастыйықланды.
Ушырасыўда алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н қабыллаўға келисип алынды.
Сөйлесиўлер соңында мәмлекетимиз басшысы ҚХР Баслығын сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.
Ушырасыў әдеттегидей исенимли, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.
Пекин қаласындағы Халық мәжилислери үйинде «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумында қатнасып атырған делегациялар басшыларын рәсмий күтип алыў мәресими болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасын Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм өмирлик жолдасы салтанатлы күтип алды.
Мәресимде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, Россия Президенти Владимир Путин, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Венгрия Бас министри Виктор Орбан, Пакистан Бас министри ўазыйпасын атқарыўшы Анвар ул-Ҳақ Какар, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, бир қатар басқа еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары да қатнасты.
Мийманларға театрластырылған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Қытайға әмелий сапары шеңберинде Вьетнам Социалистлик Республикасы Президенти Во Ван Тхионг пенен ушырасты.
Еки мәмлекет арасында, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўдағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Вьетнам Өзбекстанның Азия-Тыныш океаны регионындағы әҳмийетли бирге ислесиўшиси екенин атап өтиў керек. Кейинги жыллары ҳәр қыйлы дәрежелердеги сөйлесиўлер жеделлескени, өз-ара саўда көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалар саны артып бармақта. Аўыл хожалығы ҳәм балықшылық тараўларында жойбарлар әмелге асырылмақта.
Жетекши компанияларымыз нефть-газ комплексинде, машина қурылысы, электротехника, химия, тоқымашылық, аяқ кийим, мебель қурылысы, азық-аўқат ҳәм басқа да тармақларда, соның ишинде, арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм индустриал парклер шеңберинде кооперациялар шөлкемлестириў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Вьетнам жетекшилери мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында алмасыўды раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Өзбекстан Президенти «Amer International» индустриал-санаат холдингиниң баслығы Ван Вэньинди қабыллады.
Қытайдың жетекши конгломератларынан бири болған «Amer International» жоқары технологиялар, электроника, ярым өткизгишлер санааты, кәншилик ҳәм қайта ислеў тармақларындағы жойбарлар менен шуғылланады. Компания «Fortune 500» глобал рейтингине кирген. Қытайда ҳәм оның сыртында улыўма баҳасы 60 миллиард доллардан аслам болған жойбарларды әмелге асырмақта.
Ван Вэньин Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар бағдарламасы сырт ел, соның ишинде, Қытай компаниялары ушын қолайлы шараят ҳәм кең имканиятлар ашып атырғанын атап өтти.
Компания мәмлекетимизге Орайлық Азия регионындағы бизнесиниң бас бағдары сыпатында қарап атырғаны атап өтилди.
Мысты терең қайта ислеў ҳәм оннан жоқары қосымша қунлы инновациялық ҳәм сатыўда өтимли өнимлер, соның ишинде, электротехника, электромобильлер ушын аккумлятор батареялары, микроэлектроника ҳәм ярым өткизгишлер ислеп шығарыў бойынша перспективалы жойбарлар додаланды.
«Amer International» компаниясының баслығы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң жумысында қатнасыўы, мәмлекетимизде регионаллық офис ашыў ҳәм биргеликтеги инновациялық жойбарларды тезлестириў бойынша «жол картасы»н қабыл етиў бойынша келисимге ерисилди.
Форумның тийкарғы илажлары 18-октябрь күни болып өтеди.
ӨзА