Беруний районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың республикамыздың қубла районларындағы (Әмиўдәрья, Елликқала, Беруний, Төрткүл) исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалары ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенлигин, соның ишинде, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосықлар, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, бизнести раўажландырыўды тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын қаратылып атырған айрықша итибары тийкарында қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған болып, бул бағдарда көплеген жумыслар жолға қойылмақта.
Қабыллаў барысында билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажы көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги