Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-октябрь күни Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (ЮНВТО) Бас Ассамблеясының 25-сессиясының ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын Самарқандқа келди.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Имам Бухарий мақбарасын зыяратлады. Қуран оқылып, пәтия етилди.
Комплекс ҳәзирги күнде жаңадан қурылмақта. Бул жердеги қурылыс-пардозлаў жумыслары көзден өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Уллы Жипек жолы» халықаралық туризм комплекси конгресс орайында Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (ЮНВТО) бас хаткери Зураб Пололикашвилиди қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстанның туризм потенциалын арттырыў бойынша БМШтың қәнигелестирилген институты менен көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Туризм тармағын реформалаўда Өзбекстанның стратегиялық бирге ислесиўшисине айланған ЮНВТО менен биргеликте мисли көрилмеген дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
«Жипек жолында туризм» брендин кеңнен ен жайдырыў, соның ишинде, туризм инфраструктурасын раўажландырыў, мәмлекетимизге туризм бағдарларын ғалаба ен жайдырыў, маман кадрлар таярлаўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлер жоқары баҳаланды.
Мәмлекетимизде ЮНВТО Бас Ассамблеясының юбилей сессиясы өткерилиўи, оның шеңберинде Самарқанд қаласында Халықаралық туризм академиясы ҳәм «Жипек жолы» тематикалық офисиниң ашылыўы бирге ислесиўдиң әҳмийетли әмелий нәтийжелери болды.
ЮНВТО бас хаткери Өзбекстан Президентине туризм тараўының усы жылғы бас халықаралық илажы жоқары дәрежеде таярланыўы ҳәм шөлкемлестирилиўине көрсетилген жәрдем ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.
Бас Ассамблея шеңберинде туризм тараўындағы жетекши компаниялар, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлердиң қатнасыўында инвестиция ҳәм билимлендириў форумлары да болып өтеди. Олардың соңында усы бағдарлар бойынша биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Ушырасыў соңында юбилей сессияның тийкарғы жуўмақларын әмелге асырыў ушын биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (ЮНВТО) Бас ассамблеясының 25-сессиясының салтанатлы ашылыў мәресиминде шығып сөйледи.
Глобал туристлик шөлкеминиң 140 тан аслам мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўында 20-октябрь күнине шекем даўам ететуғын бас илажында мәмлекетимиз басшысы тараўды және де раўажландырыў бойынша бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.
Өзбекстан жетекшиси туризм тараўы дүнья экономикасының ең тез раўажланып атырған ҳәм перспективалы тармақларынан бири екенин атап өтти. Өзбекстанда да мәмлекетти модернизациялаў бойынша кең көлемли ҳәм артқа қайтпас реформалар шеңберинде туризм тармағын раўажландырыўға тийкарғы итибар қаратылмақта.
Кейинги жыллары дерлик жүз мәмлекеттиң пуқаралары ушын Өзбекстанға визасыз кириў системасы, және 55 мәмлекеттиң пуқаралары ушын әпиўайыластырылған электрон виза тәртиби енгизилди.
Туристлик бизнестиң барлық түрлерин жүргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратылды, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилди, кредит ҳәм қаржылай жәрдем күшейтилди. Пандемия шеклеўлерине қарамастан, еки жыл даўамында 800 инфраструктура жойбары әмелге асырылды.
Мийманхана орынларының саны 140 мыңға жеткерилди, 70 жаңа туристлик маршруты ашылды, 6 жеке меншик авиакомпания жумыс баслады.
Нәтийжеде Өзбекстанға келип атырған сырт ел туристлериниң саны еки есеге көбейди. Туризм экспортынан түсип атырған дәрамат 4 есеге өсти. Есап-санақларға бола, усы жылы мәмлекетимизге жәми 7 миллион турист келеди. Бул көрсеткишти 2030-жылға барып 15 миллионға, ишки туризм ағымын 25 миллионға жеткериў режелестирилген.
Алып барылып атырған кең көлемли жумыслар дүнья жәмийетшилигиниң тән алыўына ериспекте. Соның ишинде, Өзбекстан ең тез раўажланып атырған туризм мәканы ҳәм ең қәўипсиз мәмлекет сыпатында халықаралық рейтинглерди жоқары орынларды ийелеп келмекте.
Өзбекстан басшысы Туризмди 2030-жылға шекем комплекси раўажландырыў бойынша ислеп шығылып атырған стратегияда заманагөй туризм ҳәм транспорт инфраструктурасын жаратыўға тийкарғы әҳмийет қаратылатуғынын атап өтти. Жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген жаңа автомобиль ҳәм темир жоллар қурылады, авиатранспорт парки еки есеге кеңейтиледи, авиақатнаўлар саны төрт есеге арттырылады. ^лкен қала ҳәм туристлер көп баратуғын мәнзиллерде 30 ири туризм кластерлери шөлкемлестириледи.
«Әййемги тарийх дүрданалары» миллий бағдарламасы шеңберинде туристлерди өзине тартатуғын мәдений мийрас объектлериниң саны 800 ден 2,5 мыңға жеткериледи, 745 мәдений мийрас объекти реставрацияланады, 20 архитектуралық естеликте «ашық аспан астындағы музей»лер шөлкемлестириледи. Зиярат туризминиң бағдарламасы шеңберинде саяхатқа келиўшилер саны ҳәзиргиден үш есеге көбирекке арттырылады.
Орайлық Азия мәмлекетлери менен биргеликтеги туристлик бағдарларды жаратыў мәселелери дыққат орайында болады. Улыўма, туризм бағдарларын раўажландырыў есабынан келешекте кеминде 1 миллион жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген.
Соның менен бирге, Өзбекстан жетекшиси глобал туризмниң ең әҳмийетли машқаласы – бул туристлердиң кепилленген қәўипсизлик системасын тәмийинлеў екенин атап өтти. Халықаралық туризм тараўында беккем ҳуқықый тийкарларды күшейтиў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы БМШ шеңберинде Глобал қәўипсиз туризм кодексин ислеп шығыўды усыныс етти.
Климат өзгериўлери барған сайын күшейип баратырған дәўирде «жасыл» туризмди раўажландырыў бойынша халықаралық Ҳәрекетлер бағдарламасын қабыллаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Бул бағдардағы әмелий қәдемлер сыпатында ЮНВТО шеңберинде «Жасыл» туризмди енгизиў бойынша ең жақсы қала» номинациясын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети ҳәм Самарқандтағы «Жипек жолы» халықаралық университети менен биргеликте Глобал «жасыл» туризм стартаплары лабораториясын жаратыў усыныс етилди.
Имканияты шекленген туристлер ушын қолайлы шараятларды және де күшейтиў ҳәм инклюзив туризм инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Президенти 2025-жылды «Дүнья жүзилик инклюзив туризм жылы» деп жәриялаў ҳәм арнаўлы декларация қабыллаў басламасын алға қойды.
ЮНВТО шеңберинде тарийхый естеликлерди сақлаў бойынша ең алдыңғы тәжирийбелер менен алмасыў ушын платформа – Туризм бойынша тарийхый қалалар кеңесин дүзиў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди. Өзбекстан Кеңестиң биринши мәжилисин Бухара қаласында шөлкемлестириўге таяр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз жетекшиси жақында Самарқандта ашылған туризм тараўы ушын кадрлар таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў бойынша дүньяда уқсасы жоқ ЮНВТО Халықаралық туризм академиясында қәнигелерди оқытыў ушын арнаўлы грантлар ажыратылатуғынын жәриялады.
Өзбекстан басшысы жаслар ушын туризмди раўажландырыў жойбарлары ҳәм жаңа идеяларды жаратыўда әҳмийетли ҳәм пайдалы майданға айланатуғын Жәҳән жаслар туризм саммитиниң гезектегисин Ташкент қаласында өткериўди усыныс етти.
«Жипек жолы» брендин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын ЮНВТО арнаўлы халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў басламасы билдирилди. Бул режени әмелге асырыў менен Самарқандта ашылған «Жипек жолында туризм» тематикалық офиси белсене шуғылланады.
Глобал медиа-кампусын шөлкемлестириў ҳәм оның форумларын ҳәр еки жылда бир мәрте Бас Ассамблея сессиялары шеңберинде өткериў зәрүр екенлигине итибар қаратылды. Биринши медиа-кампусты Өзбекстанда қабыллаўға таярлық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы делегатларды Самарқандты «Мәдений туризмниң халықаралық пайтахты» деп жәриялаў ҳәм тийисли декларацияны қабыллаўға байланыслы басламаны қоллап-қуўатлаўға шақырды.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти Бас Ассамблея сессиясының табыслы өтиўин ҳәм онда жаңа нәтийжелерге ерисилиўин тиледи.
Мәресимде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш әнжуман қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.
Форумда шығып сөйлеген Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (ЮНВТО) бас хаткери Зураб Пололикашвили Бас Ассамблеяның 25-юбилей сессиясы Самарқандта жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтти ҳәм оның ушын Өзбекстан басшысына миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы «Уллы Жипек жолы» халықаралық туризм комплексинде шөлкемлестирилген Өзбекстанның туристлик потенциалы көргизбеси менен танысты.
Көргизбеде мәмлекетимиздиң 14 аймағының туризм ҳәм инвестициялық потенциалы көрсетилген. Зомин, Чорвоқ, Чимён сыяқлы сулыў тәбиятлы жерлердиң туристик-рекреациялық имканиятлары, туризм аўылларының көринислери, эко ҳәм экстремаль саяхат мәнзиллери ҳаққында мағлыўматлар жәмленген.
Туризм комитети, «Өзбекстан темир жоллары», «Өзбекстан аэропортлары» ҳәм «Өзбекстан вертолётлары» сыяқлы стендлер шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң туризм имканияты, сырт ел шериклери қатнасыўындағы стартап жойбарлар да усынылған.
Улыўма, көргизбеде жәми 2 миллиард долларлық перспективалы жойбарлар инвесторларға бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы Дүнья жүзилик туризм шөлкеми бас хаткери Зураб Пололикашвили менен бирге экспозицияларды көзден өткерди. Аймақлардағы дыққатқа ылайық мәнзиллер әтирапында туризм орынларын қурып, қолайлықларды кеңейтиў, инвесторлар менен анық жойбарларды қәлиплестириў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.
Илажлар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Самарқандқа «Мәдений туризмниң халықаралық пайтахты» статусын бериў ҳаққында декларация ҳәм Халықаралық туризм академиясын шөлкемлестириў ҳаққында келисим қабылланды.
Ҳүжжетлерге Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдуҳакимов ҳәм ЮНВТО бас хаткери З.Пололикашвили тәрепинен қол қойылды.
Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясы 25-сессиясы шеңберинде 17-20-октябрь күнлери глобал инвестиция форумы ҳәм көргизбеси, халықаралық билимлендириў форумы ҳәм басқа да илажлар өткериледи.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршылары