Ҳүрметли Бас хаткер мырза!
Ҳүрметли делегация басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясы 25-сессиясының ашылыў мәресиминде барлығыңызды қызғын қутлықлаўдан қуўанышлыман.
Шөлкемимиздиң юбилей мәжилиси Уллы жипек жолының дүрданасы, Жаңа Өзбекстанның ири туристлик орны болған бул әййемги қалада өткерилип атырғаны терең рәмзий мәниге ийе.
Дүнья цивилизациялары кесилиспесинде жайласқан бул бийтәкирар қала әсирлер даўамында Шығыс пенен Батысты өз-ара байланыстыратуғын, саўда, илим ҳәм мәденияттың ҳақыйқый орайы болып келген. Дүньяға белгили Римге заманлас болған бул мәңги үлке үлкен салтанатлар пайтахты, уллы илимпаз ҳәм ойшыллар, әзиз улама адамлар камалға келген ел сыпатында бизге бәрқулла мақтаныш бағышлайды.
«Жер жүзиниң гәўҳары» деген атқа ерискен, Шығыстың еки уллы Ояныў дәўириниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Самарқанд ҳәзирги күнде дүньяның заманагөй туристлик орайларынан бирине айланып бармақта. Абырайлы халықаралық илажымыздың мине усы тарийхый қалада шөлкемлестирилгени де пикиримизди айқын тастыйықлайды.
Хош келдиңиз әййемги ҳәм мәңги нәўқыран Самарқандқа, әзиз мийманлар!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бизге белгили, туризм тараўы дүнья экономикасының ең тез раўажланып атырған ҳәм перспективалы тармақларынан бири болып есапланады. Глобалласыў процесслери инсанлардың дүнья бойлап еркин ҳәрекетлениўине кең имканиятлар есигин ашты.
Дүнья жүзилик туризм кеңесиниң мағлыўматларына бола, коронавирус пандемиясынан алдын жәҳән жалпы өниминиң шама менен 10 проценти, экспортының болса 7 проценти туризм секторына туўра келген.
Тилекке қарсы, пандемия бул тармаққа аўыр соққы берди. Нәтийжеде туризм экспортының дәраматлары сезилерли дәрежеде қысқарды, миллионлаған жумыс орынлары жабылды.
Дүнья жүзилик туризм шөлкеми ҳәм сизлер ўәкиллери болған мәмлекетлердиң ҳүкиметлери тәрепинен алып барылған системалы жумыслар нәтийжесинде ҳәзирги күнде глобал туризм қайтадан аяққа турмақта. Барлық мәмлекетлердиң биргеликтеги ҳәрекетлери ҳәм тығыз бирге ислесиўи себепли бул тармақ жаңа машқала ҳәм қәўип-қәтерлер қарсысында өзиниң бейимлесиўшең ҳәм турақлылығын көрсетпекте.
Өткен жылы дүнья көлеминде дерлик бир миллиард турист сырт елге саяхат етти. Бул пандемияға шекемги көрсеткиштиң дерлик 70 процентин қурайды. Усы жылы бул сан және де өсиўи күтилмекте.
Көплеген мәмлекетлер ҳәзирги қурамалы жағдайда өз экономикасын тиклеў ҳәм әҳмийетли социаллық машқалаларды шешиўде туризм тараўына сүйенбекте. Глобал бәсеки орталығы күшеймекте. Бул әлбетте бийкарға емес: тараўға киргизилип атырған ҳәр бир доллар келешекте 3-4 есе дәрамат келтиретуғынын ҳәммеңиз жақсы билесиз. Жаратылып атырған ҳәр бир жаңа жумыс орны болса басқа тармақларда және 2 жумыс орнын жаратыўға мүмкиншилик береди.
Усы мәнисте, туризм мәмлекетлеримиздиң улыўма абаданлығы ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы, десек, қәте болмайды. Соның менен бирге ол дүнья халықлары арасында мәдений алмасыўларды күшейтетуғын, кеңпейиллик принциплерин беккемлейтуғын қүдиретли қурал болып есапланады.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Биз Шөлкемимиздиң туризмди дүньяның барлық регионларында жедел раўажландырыў ҳәм оны дүнья экономикасы драйверлеринен бирине айландырыў жолындағы белсене ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлаймыз. Оның тараўдағы жаңаша қатнаслары, хызметлер сапасын кескин арттырыў бойынша анық илажлары ҳәм инфраструктура жойбарларына үлкен итибар берип атырғаны мақтаўға ылайық.
Әсиресе, Шөлкемниң глобал күн тәртибинде туризмниң тийкарғы орын ийелеўи, билимлендириў потенциалын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыўда туристлик тараўдың үлесин арттырыў, көп тәреплеме шериклик байланысларын күшейтиўге қаратылған умтылыслары барлығымыздың бирдей мақсетлеримиз бенен үнлес болып есапланады.
Соңғы жыллары Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Жаңа Өзбекстанның туристлик потенциалын толық жүзеге шығарыўда исенимли ҳәм узақ мүддетли стратегиялық шеригине айланғанын атап өтиў керек.
Өткен дәўирде мәмлекетимиз ушын қәўипсиз туризм бойынша биргеликтеги илажлар ислеп шығылды, стартап жойбарлары әмелге асырылмақта. Қалаларымызда Шөлкемниң регионаллық әнжуманлары өткерилип келинбекте.
Биз соңғы жыллары Өзбекстанда кең көлемли, артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар бағдарламасын әмелге асырып атырғанымызды жақсы билесиз. Онда тийкарғы итибарды демократиялық жәмийет институтларын беккемлеў, экономиканы либералластырыў, халқымыздың турмыс дәрежесин жоқарылатыўға қаратпақтамыз.
Алып барып атырған «ашық есиклер» сиясатымызда туризм тармағына тийкарғы әҳмийет бермектемиз.
Дерлик жүз мәмлекеттиң пуқаралары ушын Өзбекстанға визасыз кириў системасын қоллап атырмыз. Және 55 мәмлекеттиң пуқаралары ушын әпиўайыластырылған электрон виза тәртиби енгизилди.
Биз туристлик бизнестиң барлық түрлерин алып барыў ушын қолайлы шараятларды жараттық. Салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бердик, кредит ҳәм қаржылай жәрдемди күшейттик. Жаңа мийманханалар қурыў ҳәм халықаралық брендлерди тартыў, туристлер ағымын көбейтиў ушын субсидиялар ажыратылмақта. Сол себепли пандемия шеклеўлерине қарамастан, биз еки жыл даўамында 800 инфраструктуралық жойбарды әмелге асырдық.
Тек ғана Самарқанд қаласының өзинде туристлик инфраструктураны жақсылаў ушын 1 миллиард доллардан артық қаржы инвестиция сыпатында киргизилди. Бүгинги әнжуманымыз өткерилип атырған «Жипек Жолы» туристлик орайы әне, сондай ири жойбарлардан бири болып есапланады.
Буннан тысқары, туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде туризм полициясы шөлкемлестирилди.
«Әмирсай» қысқы курорты, «Афсоналар водийси», «Зомин» ҳәм «Чорвоқ» зоналары көплеген сырт ел туристлериниң итибарын тартатуғын халықаралық туризм мәканларына айланды.
Дәстүрий турмыс тәризи ҳәм сийрек гезлесетуғын өнерментшиликке ийе болған турзм аўыллары шөлкемлестирилмекте.
Туристлер ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде мийманхана орынларының саны 140 мыңға жеткерилди, 70 жаңа туристлик маршруты ашылды, 6 жеке меншик авиакомпания жумыс баслады.
Туристлик тараўда профессионал кадрларды таярлаўға үлкен итибар берип атырмыз. Өзбекстандағы 35 жоқары билимлендириў мәкемесинде халықаралық стандартлар тийкарында маман қәнигелер таярланбақта.
Самарқандта «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетинде 19 мәмлекеттен келген студентлер тәлим алмақта.
Өзбекстанға келип атырған туристлер саны еки есеге көбейди. Туризм экспортынан түсип атырған дәрамат 4 есеге өсти.
Мысалы ушын, туристлер саны быйыл Япониядан – 5 есеге, Ҳиндстан ҳәм Италиядан – 3,5 есеге, АҚШтан – 2 есеге артты.
Есап-санақларға бола, усы жылы мәмлекетимизге жәми 7 миллион турист келеди. Бул көрсеткишти 2030-жылға барып 15 миллионға, ишки туризм ағымын болса 25 миллионға жеткериўди режелестирип атырмыз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Кең көлемли жумысларымыз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен айрықша тән алыўға ериспекте. Соның ишинде, Өзбекстан Дүнья жүзилик туризм шөлкеминиң «ең тез раўажланып атырған туризм мәканлары» дизиминде, сондай-ақ, белгили «Геллоп» социаллық изертлеў орайының «Туристлик ушын ең қәўипсиз мәмлекет» рейтингинде жоқары орынларды ийелеп келмекте.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз АҚШтың «National geographic traveler awards» дизиминде «Жыл жаңалығы» ҳәм «Гастрономиялық туризм» номинацияларының жеңимпазы болды.
Өзбекстан өткен жылы «Дүнья мусылман туристлери индекси»нде «ең күшли саяхат бағдары» сыпатында тән алынды.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз өз алдымызға жүдә үлкен мақсет ҳәм режелерди қойғанбыз ҳәм бул бағдарда сизлер менен тығыз бирге ислесиўге таярмыз. Соның ишинде, Туризмди комплексли раўажландырыў бойынша 2030-жылға шекемги стратегияны ислеп шықпақтамыз.
Бул бағдардағы тийкарғы бағдар сыпатында заманагөй туризм ҳәм транспорт инфраструктурасын жаратыўға айрықша итибар қаратамыз.
Ташкент-Самарқанд ҳәм Наўайы-Бухара жөнелислери ушын және 6 тез жүретуғын поезд алып келинеди, елимизде 600 километр қосымша темир жоллар қурылады.
2025-жылдан баслап «Ташкент-Хийўа» тез жүретуғын поездының қатнаўы жолға қойылады, 2026-жылдан болса бул жөнелис Нөкис қаласына шекем создырылады.
Сондай-ақ, Ташкент-Самарқанд ҳәм Ташкент-Әндижан жөнелислеринде жеке меншик шериклик тийкарында төлемли автомагистральлар қурылады. Нәтийжеде бул жөнелислерде мәнзилге жетип барыў ўақты 2 есеге қысқарады.
2030-жылға шекем және 56 заманагөй авиалайнер алып келемиз ҳәм авиапаркимиздеги самолётлар санын 100 ге жеткеремиз. Буннан тысқары, авиақатнаўлар саны 4 есеге арттырылады. Барлық аэропортларда «ашық аспан» режими енгизиледи, аймақлардағы 6 ири аэропорт жеке меншик шериклик тийкарында жаңаланады.
Сондай-ақ, үлкен қала ҳәм туристлер көп баратуғын мәнзиллерде 30 ири туризм кластерлери шөлкемлестириледи.
Биз елимиздиң мәдений туризм потенциалын арттырыўға да үлкен итибар қаратамыз.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 8 мыңнан артық мәдений мийрас объектлери бар. ЮНЕСКОНың Дүнья жүзилик мәдений мийрас дизимине 200 ден аслам материаллық ҳәм 6 материаллық емес объектлеримиз киргизилген.
«Әййемги тарийх дүрданалары» миллий бағдарламасы шеңберинде туристлерди өзине тартатуғын мәдений мийрас объектлериниң саны 800 ден 2,5 мыңға жеткериледи, 745 мәдений мийрас объекти реставрацияланады, 20 архитектуралық естеликте «ашық аспан астындағы музей»лер шөлкемлестириледи.
Зиярат туризми бағдарламасы шеңберинде саяхатқа келиўшилер санын ҳәзиргиден үш есеге көбирекке арттырамыз. Мине, усы ийгиликли мақсетте теберик зиярат етиў мәканларының географиясы кеңейтилип, олардың бирден-бир картасы жаратылмақта.
Самарқандта уллы ойшыл бабамыз Имам Бухарий ҳәзиретлериниң естелигине бағышлап қурылып атырған саўлатлы архитектуралық комплекс бул бағдардағы үлкен жойбарларымыздан бири болатуғынына исенемен.
Регионымыз мәмлекетлери менен биргеликтеги туристлик жөнелислерин жаратыў, Орайлық Азияда транспорт-логистика имканиятларын кеңейтиў, соның ишинде, «Бир тур – пүткил регион» бағдарламасын әмелге асырыў дыққатымыз орайында болмақта.
Улыўма айтқанда, медициналық, экологиялық, гастрономиялық, этно, экстремал ҳәм басқа да туризм бағдарларын раўажландырыў бойынша алып барып атырған жумысларымыз есабынан келешекте кеминде 1 миллион жаңа жумыс орынларын жаратыўды мақсет еткенбиз.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Дүнья туризм индустриясының итибарға ийе ири илажы – Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясы сессиясының Самарқандта өткерилиўи Орайлық Азия регионы ушын үлкен тарийхый ўақыя болып есапланады.
Бул әнжуман Шөлкемимизге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм оған жеделлик бағышлаўына хызмет ететуғынына исенемен.
Байланысларымызды ҳәр тәреплеме тереңлестириў ушын төмендеги усынысларды билдирмекшимен.
Бириншиден, глобал туризмниң ең әҳмийетли машқаласы – бул туристлердиң кепилленген қәўипсизлик системасын тәмийинлеў болып есапланады.
Ҳәзирги күнде дүньяның ҳәр қыйлы регионларында бақланып атырған келиспеўшилик ҳәм турақсыз жағдайлар тараўдың раўажланыўына пандемиядан да көбирек унамсыз тәсир етип атырғанын атап өтиў керек.
Тилекке қарсы, усы процесслердиң ақыбетинде тартымлы ҳәм дәстүрий бағдарларда туризм потенциалы ҳәм туристлер саны кескин азаймақта, қәўипсиз туризм ушын турақлы түрге ийе болған қәўип-қәтерлер артпақта, олардың унамсыз тәсири қоңсы регионларға да күн сайын кеңирек тарқалмақта, дүнья жүзилик мәдений мийрас объектлери ҳәм әййемги архитектуралық естеликлер ўайран етилмекте, ҳәттеки, айырымлары Жер жүзинен жоқ болып кетпекте.
Бундай аянышлы жағдайлардың алдын алыў ушын ҳәммемиз тилеклес ҳәм татыў болып, бар күш ҳәм ҳәрекетлеримизди бирлестириўимиз керек.
Ҳәзирги қурамалы жағдайды инабатқа алған ҳалда, халықаралық туризм тараўында беккем ҳуқықый тийкарларды күшейтиў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде Глобал қәўипсиз туризм кодексин ислеп шығыўды усыныс етемен.
Екиншиден, климат өзгериўлери күн сайын күшейип баратырған дәўирде «жасыл» туризмди раўажландырыў бойынша халықаралық Ҳәрекетлер бағдарламасын қабыл етиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.
Сондай-ақ, Шөлкемимиздиң «Жасыл» туризмди енгизиў бойынша ең жақсы қала» номинациясын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Шөлкемниң жәрдеминде жақында жумыс баслаған Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети ҳәм Самарқандтағы «Жипек жолы» халықаралық университети менен биргеликте Глобал «жасыл» туризм стартаплары лабораториясын жаратпақшымыз.
Биз ең жақсы инновациялық шешимлерди жаратыў мақсетинде грант қаржыларын ажыратыўға таярмыз. Барлық ағза мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерди усы жойбарға қосылыўға мирәт етемиз.
Үшиншиден, имканияты шекленген туристлер ушын қолайлы шараятларды және де күшейтиў ҳәм инклюзив туризм инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде биз Шөлкемимиз шеңберинде 2025-жылды «Дүнья жүзилик инклюзив туризм жылы» деп жәриялаў ҳәм арнаўлы декларация қабыллаў басламасын алға қоямыз.
Төртиншиден, Дүнья жүзилик туризм шөлкеми жанында Туризм бойынша тарийхый қалалар кеңесин дүзиў мақсетке муўапық болып есапланады.
Бул платформа мәдений мийрас объектлерине туристлер ағымын көбейтиў, тарийхый естеликлерди сақлаў бойынша ең алдыңғы тәжирийбелер менен алмасыў, усыныс ҳәм нәтийжели шешимлерди қәлиплестириў имканиятын береди.
Кеңестиң биринши мәжилисин әййемги Бухара қаласында шөлкемлестириўге таярмыз.
Бесиншиден, бүгин биз Самарқандта туризм тараўында қәнигелер таярлайтуғын ҳәм олардың маманлығын арттыратуғын, дүньяда уқсасы жоқ Дүнья жүзилик туризм шөлкеминиң Халықаралық туризм академиясын аштық.
Бул Академия глобал билимлендириў хабына айланатуғынына ҳәм дүнья туризм санаатын және де раўажландырыўға мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен.
Келеси оқыў жылынан баслап Өзбекстан қәбилетли қәнигелер ушын арнаўлы грантларды береди ҳәм мәмлекетлериңиз ўәкиллерин бул бағдарламада белсене қатнасыўға шақырады.
Алтыншыдан, Шөлкемимиз бенен тығыз бирге ислесиўде Жәҳән жаслар туризми саммитин Ташкентте өткериў ҳаққындағы басламамызды қоллап-қуўатлайсыз, деген үмиттемен.
Бул форум жасларымыз ушын туризмди раўажландырыў жойбарлары ҳәм жаңа идеяларды жаратыўда әҳмийетли ҳәм пайдалы майданға айланатуғынына исенемен.
Жетиншиден, «Жипек жолы» брендин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын Шөлкемниң арнаўлы халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў басламасын билдиремиз.
Бул режени әмелге асырыўда биз бүгин Дүнья жүзилик туризм шөлкеми менен биргеликте ашқан «Жипек жолында туризм» тематикалық офиси жедел шуғылланыўы мүмкин, деп есаплаймыз.
Және бир мәселе. Итибарыңызды туризм тараўының белсенди үгит-нәсиятшылары – журналистлер, блогерлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине қаратпақшыман.
Шөлкемимиз қосымша платформалар жаратыў арқалы бул қәбилетли ҳәм жанкүйер дөретиўшилердиң үлкен күш ҳәм потенциалын бирлестириўде белсене роль атқарыўы керек.
Усы мүнәсибет пенен жетекши ғалаба хабар қураллары, журналистлер ҳәм ең жақсы саяхат блогерлерин өзинде бирлестиретуғын Глобал медиа кампусын шөлкемлестириў ўақты келди, деп есаплаймыз.
Бундай медиа форумларды ҳәр еки жылда бир мәрте Шөлкем Бас Ассамблеясының гезектеги сессиялары шеңберинде өткериў мақсетке муўапық. Биринши медиа кампусын елимизде қабыл етиўге таярмыз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Сизлер әнжуман даўамында Самарқандтың әййемги тарийхы, бай мәденияты, оның бийтәкирар гөзаллығы, халқымыздың үрп-әдет ҳәм дәстүрлери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе боласыз.
Бул тарийхый қала дүньяның барлық регионларынан келетуғын миллионлаған туристлерди өзине тартып атырған Уллы жипек жолының ҳақыйқый гәўҳары болып есапланады.
Сиз, әзизлер, Самарқандты «Мәдений туризмниң халықаралық пайтахты» деп жәриялаў ҳәм тийисли декларацияны қабыллаўға байланыслы басламамызды қоллап-қуўатлайсыз, деп исенемен.
Бул жоқары статус әсирлер даўамында өзиниң гөззаллығы ҳәм теңсиз мийрасын зыянсыз сақлап киятырған, кеңпейиллиги ҳәм миймандослығы менен пүткил дүньяда даңққа ерискен Самарқандтың уллы атына ҳәр тәреплеме мүнәсип болар еди.
Ҳүрметли дослар!
Әлбетте, болып өтип атырған Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясы сессиясында қабыл етилетуғын ҳүжжетлер ҳәм келисимлер глобал туризм индустриясының жедел раўажланыўына салмақлы үлес қосады.
Бас Ассамблея сессиясы шеңберинде өткерилетуғын инвестиция ҳәм билимлендириў форумлары дүньяның барлық туроператорлары, жоқары оқыў орынлары ҳәм ири компаниялардың өз-ара пикирлесиўи ушын нәтийжели майдан болатуғынына исенемен.
Бул форумларда барлық аймақларымыз өзлериниң бай тарийхый ҳәм мәдений потенциалын, туристлик имканиятларын толық көрсетеди ҳәм перспективалы инвестициялық жойбарлар пакетин усынады.
Бул илажларда сизлерди белсене қатнасыўға шақыраман.
Барлығыңыз Жаңа Өзбекстанды өзиңиз ушын жаңаша көзқараста қабыл ететуғыныңызға, бул сапар кеўиллериңизде умытылмас тәсирлер қалдыратуғынына исенемен.
Сиз, әзиз досларымыз ушын Өзбекстан есиклери барқулла ашық ҳәм барлығыңыз биз ушын ҳәмийше қәдирли миймансыз.
Бас Ассамблея сессиясының жумысына табыс ҳәм әўметлер тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.