Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен бирге әмелий сапар менен Пекин қаласына келди.

«Шоуду» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын ҚХР айрықша жағдайлар министри Ван Сянси ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.




Жоқары мәртебели мийманлар ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапар шеңберинде 17-18-октябрь күнлери мәмлекетимиз басшысы ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Қытай Халық сиясий мәсләҳәт кеңесиниң баслығы Ван Хунин менен сөйлесиўлер, басқа да еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи режелестирилген.





Өзбекстан жетекшиси «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумының ашылыўында қатнасады ҳәм жалпы сессиясында шығып сөйлейди.

ӨзА