Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси тәрепинен жоқары оқыў орынларыныӊ студентлери арасында “Биз жаслар ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа қарсымыз” сүрени астында “Жаслар ҳәм нызам” таӊлаўы болып өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊесиниӊ “Түрли нызамбузыўшылықларға бейим жасларДЫ, жас өспиримлерди руўхый жақтан тәрбиялаўда социаллық шерикликти күшейтиў” бағдарындағы жойбары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған грант таӊлаўында жеңимпаз болған еди.

Жойбар шеӊберинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊесиниӊ басламасы менен түрли атамаларда илажлар, атап айтқанда, спорт жарыслары, оқыў-семинарлары, психологиялық қабыллаўлар өткерилмекте. Соныӊ ишинде, жаслар менен нәтийжели илажлар алып барыў, олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў, мәмлекетимизде алып барылып атырған кеӊ көлемли ҳуқықый реформаларға қатнасын арттырыў, жасларға байланыслы мәмлекетлдик сиясатты турақлы әмелге асырыў мақсетинде “Жаслар ҳәм нызам” таӊлаўы шөлкемлестирилди.











Онда қатнасқан 8 команда “Жаслар ҳаўазы”, “Блиц сораў-жуўап”, “Машқала ҳәм шешим” шәртлери бойынша өзлериниӊ ҳуқықый билимин көрсетти. Таӊлаў жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтыныӊ “Ғәрезсизлик жаслары” командасы биринши, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты  Нөкис филиалыныӊ “Ренессанс жаслары” командасы екинши, Қарақалпақстан медицина институтыныӊ “Гиппократ” командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеӊимпазларға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси тәрепинен  диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги