Президент Шавкат Мирзиёев Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясының юбилей сессиясында қатнасыў ушын 16-октябрь күни Самарқанд ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Имам Бухарий мақбарасын зыяратлады. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Комплекс ҳәзирги күнде жаңадан қурылмақта. Бул жердеги қурылыс-пардозлаў жумыслары көзден өткерилди.






Сапар ўақтында Президентимиз ЮНВТОның бас саммити ашылыўында шығып сөйлейди. Шөлкем бас хаткери Зураб Пололикашвили менен ушырасыў өткериў ҳәм туризм көргизбеси менен танысыў режелестирилген.

ӨзА