Ҳәзир ғана Самарқандтағы «Уллы Жипек жолы» халықаралық туризм орайында және бир ири әнжуман өз жумысын баслады.
Бул рет дүнья жәмийетшилиги тәрепинен заманагөй раўажланыўды тәмийинлеўши тийкарғы факторларынан бири сыпатында тән алынып атырған туризм тараўының жетекшилери – дүньяның 178 мәмлекетинен ўәкиллер тарийхый кентимизде жыйналды.
Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас ассамблеясының юбилей – 25-сессиясын өткериў ушын елимиздиң таңлап алынғаны бийкарға емес. Әййемги жипек жолында жайласқан Өзбекстан әзелден бийтәкирар естеликлери, прогресс бесиги болған регионның жүреги сыпатында әсирлерден сөйлейтуғын архитектуралық естеликлери ҳәм басқа да мәдений байлықлары менен дүньяны таң қалдырып келген. Әсиресе, соңғы 5-6 жылда көп тараўлар қатарында туризмди раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжеси қуяшлы үлкемиз және пүткил дәүньяны өзине тарта баслады. Әҳмийетлиси, бул ҳақыйқатты дүньяның алдыңғы жәмийетшилиги тән алмақта. Биз жақын 4-5 күн даўамында мине, усы тән алыўды көп еситемиз, әлбетте.
Ғ.Хонназаров, А.Исроилов (сүўрет), ӨзА