Президент Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни Ташкент қаласындағы жаңа инфраструктура имаратлары ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары менен танысты.

Соңғы жыллары пайтахтымыз ҳәм халқы, ҳәм аймағы жағынан өспекте. Инженерлик тармақларының қуўатлылығы соған сәйкес түрде арттырып барылмақта.

Атап айтқанда, Шайхfнтоҳур районында «Пахтакор» стадионы жанында жаңа подстанция қурылды. Жойбар шеңберинде «Тракторсаз» подстанциясынан 19 километрден аслам кабель тартылып, 2 трансформатор орнатылды. Ол келеси айда иске қосылады. Cоның нәтийжесинде пайтахтымыз орайында кепилленген 130 мегаватт қосымша электр энергиясы пайда болады. Қаладағы басқа подстанцияларға жүклеме азайып, авариялық жағдайлар итималы 60 процентке қысқарады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ташкент қаласы электр тәмийнаты системасындағы қурылыс ҳәм модернизация жумысларына байланыслы презентация менен танысты. Және бес подстанция қурылып, төртеўи жаңаланып атырғаны, оларда жәми 850 мегаватт қосымша қуўатлылық жаратылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиздеги өзгерислер бас қаламызда, айрықша, айқын көзге тасланады. Ҳәзирги күнде Ташкент – үлкен қурылыс, заманагөй бизнес, илим ҳәм мәденият орайына айланды. «Tashkent city»дағы саўлатлы имаратлар қаланың шырайына шырай қосты. Бул жердеги Халықаралық конгресс орайында көплеген форум ҳәм әнжуманлар болып өткен. Келешекте және бир қатар абырайлы саммитлер өткерилиўи режелестирилген.

Соның менен бирге, ықшамлық дәрежеси жоқары мийманханалар, концерт ҳәм опера театры қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы олардағы қурылыс процеси менен танысты. Бул комплекс елимизде көркем өнердиң раўажланыўын жаңа дәрежеге көтериў, мәдений илажларды жоқары дәрежеде өткериўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Президент «Tashkent city» орайында қурылысы жуўмақлаўшы басқышта болған бир қатар басқа имаратларды да көзден өткерди.

Президент Шавкат Мирзиёев «Ташкент ыссылық орайы» кәрханасының Шайхантоҳур районындағы 3-санлы ыссылық орайын барып көрди.

Бул комплекс 1972-жылы қурылған. Бул жердеги 5 қазанхана улыўма баҳасы 400 Гкал қуўатлыққа ийе. Жәми 491 көп қабатлы турақ жай, 150 ден аслам социаллық тараў мәкемелерине ыссылық жеткерип береди.

Өткен қыста ҳаўа кескин суўып кетиўи ақыбетинде тәбийғый газ басымы төменлеп, тутыныўшыларға ыссылық жеткериў қыйын болған еди. Соның ушын усы жылы ыссылық орайында альтернатив жанылғыдан пайдаланыў имканияты жаратылды. Атап айтқанда, мазут хожалығы қурылып, қазанлардың еки аралас түрде – газ ҳәм мазутта ислеўге бейимлестирилди. Барлық қазанханалар оңланды. Сондай-ақ, газ басымын тәмийинлеў мақсетинде имаратқа 4,6 километр өз алдына қубыр тартылды.

Бул ҳәрекетлер нәтийжесинде гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларды ыссылық пенен үзликсиз тәмийинлеў имканияты жаратылды. Атап айтқанда, тармақ 30 дәреже суўық температураға шекем турақлы ислейди. Бундай ўақытларда резервленген мазуттан пайдаланылады. Қубырлар изоляциясының беккемленгени ушын ыссылық жойтылыўы азайтылған. Нәтийжеде халыққа 65 дәрежеден аз болмаған ыссылық жеткерип бериледи.

Мине, усы тәртипте 5-санлы ыссылық орайы да модернизацияланған.

– Ашығы, узақ жыллар даўамында бул системаға итибар болмаған. Ыссылық кәрханалары ески ресурсда, ескише усылда ислеп келген. Бирақ алынған ыссылық жумсалған қәрежетке қарағанда өзин ақламады. Буннан адамлар да разы болмады, кәрханалар да пайда таппады. Өткен жылғы сынақ ҳәм имканиятларымыздан келип шығып, ыссылық тәмийнатын модернизациялап атырмыз. Енди ыссылықты сақлаў ҳәм үнемлеў илажларын көриў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының Чиланзар районында иске қосылған когенерация имаратын көзден өткерди.

Бизге белгили, өткен қыстағы аномал суўықта ыссылық тәмийнатында үзилислер жүз берди. Чиланзар районының Ақтепа ҳәм Бағзор мәҳәллелери жағдай аўырласып болған аймақлардан еди. Бул жерде 50 көп қабатлы турақ жай, 7 социаллық мәкеме ҳәм онлаған исбилерменлик шақапшалары бар.

Бул жағдайдың тәкирарланыўына жол қоймаў ушын бул жерде бир ўақыттың өзинде ыссылық ҳәм электр энергиясын слеп шығаратуғын когенерация қурылмалары иске қосылды. Олар саатына 4,6 МВт электр энергиясы ҳәм 29 гигакалориядан артық ыссылық ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Түркияның «Iltekno» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылған жойбарға Германиядан газ-поршенлер ҳәм «Bosch» қазанлары алып келинип орнатылды. Сондай-ақ, қазанханадан тутыныўшыларға шекем барлық ыссылық тәмийнаты инфраструктурасы реконструкцияланды. Ыссылық магистралы алмастырылды, ҳәр бир турақ жай имараты ҳәм социаллық объектлерде өз алдына ыссылық бөлистириў пунктлери орнатылды. Жәми 13 мың метр узынлықтағы ыссылық тармақларын жаңа, изоляциялы қубырларға алмастырыў есабынан толық жабық системаға өткерилди ҳәм шығынлардан қорғалды.

Жойбардың және бир нәтийжели тәрепи – ыссылық бөлистириў пунктлери арнаўлы датчиклер менен үскенеленген. Ҳаўа суўып ямаса ысып кетиўине қарап, үйдиң ишиндеги температура турақлы сақлап турылады.

Комплекстиң иске қосылыўы нәтийжесинде жылына 5,3 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди. Атмосфераға шығатуғын патасландырыўшы элементлер 67 процент азаяды, ақаба суў тасландылары болса улыўма болмайды.

Бағзор ҳәм Ақтепа мәҳәллелериндеги трансформаторлар алмастырылды, электр узатыў тармақлары жаңадан тартылды. оған қосымша, көп қабатлы турақ жайлардың төбесине қуяш панеллери орнатылмақта.

Бул жерде Ташкент қаласы ҳәм тийисли тараўлардың жуўапкерлери гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша мәлимлеме берди. Мәмлекетимиз басшысы энергетика, коммуналлық, қурылыс ҳәм сервис компаниялары сыяқлы барлық қуралларды жумсап, оңлаў жумысларын жуўмағына жеткериў, энергия ҳәм ыссылық тәмийнатын турақластырыў, бул бағдарда қадағалаўды жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде гүзги терек егиў мәўсимин баслап берди. Пайтахтымыздың Чиланзар районындағы Ақтепа ҳәм Бағзор мәҳәллелерине сапары ўақтында жәмийет пенен бирге нәл екти.

Президентимиздиң басламасы менен терек егиў, жасыл аймақларды көбейтиў үлкен ҳәрекетке айланбақта. Бул мәўсимде 85 миллион түп нәл отырғызылыўы мөлшерленген. Тоғай хожалығы агентлиги тәрепинен ҳәр бир мәҳәллеге 200 түптен нәл бийпул жеткерип бериледи. Сондай-ақ, 15-октябрьден барлық район ҳәм мәҳәллелерде нәл ярмаркасы шөлкемлестириледи.

Мәҳәлле халқы менен сәўбетте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық процеси ҳаққында сөз болды.

– Бүгин келиўимизден мақсет – өткен жылғы сабақтан нәтийже не болғанын көриў,-деди мәмлекетимиз басшысы. – Оның ушын керекли қарарлар қабыл еттик,  үлкен қаржылар ажыраттық. Сырт елден технологиялар, қәнигелер алып келдик. Тараў хызметкерлери қосымша оқытылды, олардың мийнет ҳақылары арттырылды. Ҳәзир басшыларға ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир көп қабатлы турақ жай, мектеп, емлеўханаларға кирип, ыссылықты кепиллеў бойынша жаңа тапсырмалар бердим. Ең әҳмийетлиси, бул бойынша халық қадағалаўын жолға қоямыз. Соның менен бирге, энергияны үнемлеў мәдениятын арттырыў керек. Сизге уқсаған көпти көрген инсанлар, зиялылар онда үлги, мәмлекетке жәрдемши болыўы зәрүр.

Жәмийетшилик ўәкиллери гүзги-қысқы таярлықты, елимиздеги өзгерислерди атап өтип, өз үйлери ҳәм барлық мәкемелерде ыссылықты сақлаўда жанкүйер болатуғынын атап өтти.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары