Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола 17-18-октябрь күнлери «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумының илажларында қатнасыў ушын әмелий сапар менен Пекин қаласында болады.

Юбилей саммиттиң күн тәртибинен саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, транспорт-коммуникациялық өз-ара байланыслылықты күшейтиў, «жасыл» раўажланыў, санластырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм басқа да мәселелер орын алған. Өткен он жыллық дәўирде көп тәреплеме шерикликте ерисилген тийкарғы нәтийжелер есап-санақ етиледи, келеси бирге ислесиўдиң жаңа ўазыйпалары белгилеп алынады.

Мәмлекетимиз басшысы форумның жалпы сессиясында дәстүрий шығып сөйлеўи ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасы шеңбериндеги халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша өз көзқарасын билдириўи күтилмекте.

Сапар бағдарламасында ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Қытай Халық сиясий мәсләҳәт кеңесиниң баслығы Ван Хунин менен сөйлесиўлер, басқа да еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

ӨзА