Қәдирли кәсиплеслер!
Бәринен бурын, Қырғыз Республикасы Президенти, ҳүрметли Садир Нурғожоевич Жапаровқа дәстүрий жыллы қабыллағаны ҳәм саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Биз Өзбекстанда Қырғызстанның Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына басшылығының нәтийжели жуўмақларын жоқары баҳалаймыз.
Бул дәўирде мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылды, көп тәреплеме бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер, соның ишинде, Хызметлердиң еркин саўда зонасы ҳаққындағы келисим қабылланды.
Сондай-ақ, биз күн тәртибин ҳәм бул мәжилис ушын таярланған қарарлардың жойбарларын қоллап-қуўатлаймыз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бизиң ушырасыўымыз глобал геосиясий кескинлик күшейип атырған бир шараятта өтпекте. Барлық кәсиплеслерим өз шығып сөйлеўлеринде алдымызда турған улыўма миллий қәўип-қәтерлерди атап өтти.
Тилекке қарсы, дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы кескинлесип баратырған қарама-қарсылықлардың ақыбетлери барлық мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына оғада унамсыз тәсир етпекте.
Бундай жағдайда биз ҒМДА бойынша шериклеримиз бенен бирге ислесиўдиң жаңа жоллары ҳәм механизмлерин излеўде даўам етемиз.
Бәринен бурын, гәп қолайлы саўда-логистика бағдарларын қәлиплестириў, қосымша қунның қысқа ҳәм және де нәтийжели шынжырларын жаратыў, мәмлекетлеримиз экономикасындағы бир-бирин толықтыратуғын резервлерден имканияты болғанынша жоқары дәрежеде пайдаланыў, бизнес байланысларын хошаметлеў ҳаққында бармақта.
Биз пайда болатуғын қәўип-қәтерлерди биргеликте баҳалаў, муўапықластырылған илажлар ҳәм стандарт емес қарарлар қабыллаў ушын ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўдиң теңсиз платформасы жетекши аналитикалық орайлары ҳәм экспертлериниң қатнасыўында конференция шөлкемлестириў имканиятын көрип шығыўды усыныс етемен.
Қәдирли кәсиплеслер!
Усы жылдың басынан берли Өзбекстанның Дослық Аўқамы еллери менен сыртқы саўда көлеми тек ғана 5 процентке артты. Соның менен бирге, өсиў пәтлериниң төменлеў тенденциясы бақланбақта.
Жоқары дәрежедеги экспертлеримиз ушырасыўларының нәтийжелери толық еркин саўда зонасын қәлиплестириў жолында еле де көплеген тосқынлықлар бар екенлигинен дәрек береди.
Биз төменлегилерди усыныс етемиз:
бириншиден, Еркин саўда аймағы ҳаққындағы шәртнаманың товарларды алып қойыўға байланыслы қағыйдаларын қайта көрип шығыў.
Шәртнама қол қойылғанынан берли жетерлише ўақыт өтти ҳәм бул ҳүжжетли бизиң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларымыз бенен толық муўапықластырыў ўақты келди;
екиншиден, импорттың орнын басыўға қаратылған миллий бағдарламаларды өз-ара бейимлестириў;
үшиншиден, мәмлекетлик сатып алыўлар базарына жеңиллетилген кириў ҳуқықын өз-ара келисим тийкарында бериў имканиятларын көрип шығыў;
төртиншиден, биргеликтеги көтере бөлистириў ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў бағдарламасын қабыл етиў;
бесиншиден, электрон саўданы раўажландырыўды, соның ишинде, ҳәзирги платформаларды кеңейтиў жолы менен хошаметлеў.
Және бир әҳмийетли тәрепи бул – өз-ара саўдадағы техникалық тосқынлықлар ҳәм муўапықлықты баҳалаў бойынша жумыслардың нәтийжелерин тән алыў ҳаққындағы ҒМДА келисимлериниң қабыл етилиўин жеделлестириўден ибарат.
Усы мәселелердиң барлығы Дослық Аўқамы Экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисиниң күн тәртибине киргизилиўи зәрүр.
Санаат кооперациясы перспективалары мәселесине айрықша тоқтап өтпекшимен.
Ҳәзирги күнде ҒМДА мәмлекетлери менен биргеликтеги инвестициялық жойбарларға байланыслы портфелимиз көлеми 25 миллиард доллардан асты.
Жақында қабыл етилген Санаат кооперациясын раўажландырыў концепциясына муўапық, Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң Санаат сиясаты бойынша кеңеси шеңберинде өз-ара инвестицияларды хошаметлеў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў сондай-ақ, технопарклерди шөлкемлестириў бойынша Биргеликтеги комплексли илажларды ислеп шығыўды усыныс етемен.
Онда сатып алыўларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, қамсызландырыў есабынан қаплап бериў ҳәм офф-тейк сатып алыў мәселелерин пухта ойлап көриў зәрүр.
Келеси жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген «ИННОПРОМ» санаат ҳәптелиги шеңберинде ҒМДА мәмлекетлериниң санаат кооперациясы ҳәм инновациялық қолланбаларының форумын өткериўге де таярмыз.
Энергетика тараўында ҒМДАға ағза ҳәр бир мәмлекеттиң электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм тутыныў имканиятларын есапқа алған ҳалда, энергия системаларымыз бир пүтин ҳалда ислей алатуғын шараятларды жаратыў зәрүр, деп есаплаймыз.
Және бир тийкарғы ўазыйпа – Дослық Аўқамы мәмлекетлеринде тутыныўшыларды жоқары сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўден ибарат.
Усы мүнәсибет пенен агросанаат комплекслери, логистика ҳәм «экспресс» коридорлардың өз-ара байланыслылығын күшейтиў, тармақты технологиялық модернизациялаў ҳәм системалы илим алмасыў мәселелерин шешиў талап етиледи.
Әмелдеги тармақ кеңеси шеңберинде Азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы жаңаланған бирге ислесиў бағдарламасын ҳәм Агросанаат секторында кооперацияның тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы келисимди таярлаўды усыныс етемиз.
Аймақлараралық бирге ислесиў жүдә үлкен имканиятқа ийе екенин атап өтпекшимен. Бундай шерикликти қоллап-қуўатлаў илажларын өз ишине алған айрықша «жол картасы»н ислеп шығыў, соның ишинде, аймақлардың биринши Форумын, көргизбе ҳәм ярмаркаларды сондай-ақ, исбилермен топарлар ўәкиллериниң өз-ара сапарларын өткериў зәрүр, деп есаплаймыз.
Транспорт тараўында төмендеги имканиятларды жаратыў тәрепдарымыз:
– транспорттың барлық түрлеринде мультимодал тасыўларды шөлкемлестириў арқалы транспорт коридорларын раўажландырыў;
– тийкарғы регионаллық коридорлар арқалы жүклерди тасыўда бизнес ушын тартымлы шәртлерди қәлиплестириў;
– жолаўшы ҳәм жүк тасыўда басқарыў процесслерин ҳәм көрсетилетуғын хызметлерди санластырыў;
– транспорт инфраструктурасы ҳәм ҳәрекет қурамын модернизациялаў бағдарламалары ҳәм жойбарларын әмелге асырыў.
Сондай-ақ, биз ҒМДАның Мәмлекетлераралық экологиялық кеңесине Өзбекстанның қосылыўы ҳаққында қарар қабылладық.
Келеси жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигинде Самарқандта өткерилиўи режелестирилген Халықаралық климат форумы шеңберинде Дослық Аўқамы мәмлекетлери аймағындағы экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған арнаўлы жалпы сессияны өткериўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Әййемги Самарқанд қаласына 2024-жылы «Дослық Аўқамының мәденият пайтахты» статусын бериў мәселесин қоллап-қуўатлағаныңыз ушын сизлерге терең миннетдаршылық билдиремен.
Усы мүнәсибет пенен келеси жылы бәҳәрде Самарқандта ҒМДА мәмлекетлериниң мәденият, көркем өнер ҳәм кино ҳәптелигин өткериўди усыныс етемиз.
Жаслар сиясаты тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириў мәселеси әсиресе үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.
Биз жаңа биргеликтеги жойбарымыз шеңберинде келеси жылы «Дослық Аўқамының жаслар пайтахты» деп жәрияланған Ташкент қаласында илажларға бай бағдарламаны таярлап атырмыз.
Сондай-ақ, «Дослық Аўқамы» кубоги футбол турнирин қайта тиклеў ҳәм жасларымыз командалары арасында гезектеги ушырасыўларды Өзбекстанда өткериўди усыныс етемен.
Халықаралық рус тили шөлкемин шөлкемлестириў ҳаққындағы шәртнаманы қабыл етиўди қоллап-қуўатлаймыз.
Рус тилинде билим беретуғын техникалық қәнигеликлер бойынша муғаллимлерди таярлаў бағдарламасын ислеп шығыўды әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Дослық Аўқамының бирден-бир туристлик статусын үгит-нәсиятлаў шеңберинде биргеликтеги бағдарламалар ҳәм туристлик өнимлерди әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таярмыз.
Қәдирли кәсиплеслер!
Россия Федерациясы тәрепинен келеси жыл ушын Дослық Аўқамына басшылықтың қабыл етип алыныўы мүнәсибети менен ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге билдирилген қутлықлаў сөзлерине қосыламан.
Бул әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаны атқарыўда шын кеўилден әўметлер тилеймен.
Сөзимниң соңында Өзбекстан Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы шеңберинде көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў тәрепдары екенин және бир мәрте тастыйықлайман.
Итибарыңыз ушын рахмет.