Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Бишкек қаласына келди.

«Манас» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясы басшысы Ақылбек Жапаров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.




Бүгин Қырғызстан пайтахтында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы саммити болып өтеди. Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси күн тәртибинен ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы, инновациялар, санластырыў, транспорт, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў мәселелери орын алған.



ӨзА