Қазақстан усы жылдың ақырына шекем Өзбекстанға 800 миллион куб метрге шамалас Россия газин жеткерип бериўди ражелестирип атыр. Бул ҳаққында Қазақстан энергетика министри Алмасадам Саткалиев мәлим етти.
«Ҳәзир биз режимлер қандай кетип атырғанын көремиз, бирақ кеминде 800 миллион куб метрге шамалас газ қоңсы мәмлекетке жеткерип бериў мүмкин болған көлеми сыпатында көрилип атыр», – дейди Саткалиев жыл ақырына шекем Россия газиниң Өзбекстанға транзит көлеми ҳаққындағы сораўға жуўап берип.
Еслетип өтемиз, алдыныр-ақ Россия, Өзбекстан ҳәм Қазақстан басшылары Қазақстан аймағы арқалы Өзбекстанға Россия газин жеткерип бериўге старт берген еди.
Россия газин Қазақстан аймағы арқалы экспорт етиў бойынша шәртнамаға 2023-жылдың июнь айында «Газпром» басшысы Алексей Миллер ҳәм Өзбекстан энергетика министри Жўрабек Мирзамахмудов тәрепинен қол қойылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги