Өзбекстанның Европа Аўқамы менен қатнасықлары ҳәр қыйлы бағдарларда раўажланбақта. «Европа Аўқамы – Өзбекстан» парламентлик бирге ислесиўи комитети шеңберинде шөлкемлестирилип атырған нәтийжели қарым-қатнаслар парламентлераралық байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли механизм болды.
Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Терхи Хакала ушырасыўында тән алынды.
Пикирлесиў барысында саўда-экономикалық, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм парламентлераралық байланысларды раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
2024-жыл ушын Олий Мажлис Сенаты ҳәм Европа парламенти арасында әмелий илажлардың айрықша режесин ислеп шығыў ҳәм қабыллаў усынысы алға қойылды.
Сөйлесиў даўамында экономикалық бирге ислесиў мәселелерине тийкарғы баслы бағдар сыпатында итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта саўда айланысы турақлы өсиўде даўам етпекте. Жылдың басынан берли бул бағдардағы көрсеткиш 35 процентке артты. Европаның жетекши компаниялары менен ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. «GSP+» режими сапалы өзбек өнимлерин Европа базарына экспорт етиўдиң хошаметлениўши факторына айланды. Усы көзқарастан бул режимди жаңа мүддетке создырыў бойынша пикир алысылды.
Регионаллық дәрежеде жолға қойылған қарым-қатнас, атап айтқанда, «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» бирге ислесиў форматы қатнасықларды және де раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын әҳмийетли платформаға айланғаны атап өтилди.
Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының пикирлесиўи ҳәм Европа Аўқамы арасында бирге ислесиўди күшейтиў мәселеси додаланды. Онда БМШтың Орайлық Азия ушын превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орайы менен биргеликте Брюсселде өткерилиўи режелестирилген сәўбетлесиўдиң гезектеги мәжилиси үлкен әҳмийетке екени атап өтилди.
Бул илаж гендер теңлик, ҳаял-қызлар ҳуқықлары менен мәплерин алға қойыў сыяқлы бағдарларда Европа Аўқамының тәжирийбеси менен жақыннан танысыў имканиятын бериўи менен бирге, бирге ислесиўдиң жаңа басқышына түртки ўазыйпасын атқарады.
Ушырасыў соңында көп тәреплемели бирге ислесиўди әмелий мазмун менен байытыў, өз-ара пикирлесиўлер избе-излигин тәмийинлеўге келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА