Өзбекстанның Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) институтлары, атап айтқанда, ЮНИСЕФ пенен қатнасықлары жеделлесип бармақта. Өз-ара бирге ислесиўде мәмлекетимизде бир қатар ири биргеликтеги илаж ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.

Балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, олардың сапалы тәлим-тәрбия алыўы ушын жаратылып атырған шараятлардың нәтийжесин тәмийинлеўде структураның айрықша орны бар.

Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Балалар қоры (ЮНИСЕФ)ның Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Регина Де Доминицис пенен ушырасыўында айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды. Байланысларды және де беккемлеўге қаратылған усыныслар додаланды.

Сөйлесиў даўамында перинатал саламатлық, балалардың өсиўи ҳәм раўажланыўы жағдайын үйрениўге байланыслы 2024-2025-жыллары Азықланыў бойынша екинши миллий изертлеўди өткериў, балаларда расалық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, балаларды социаллық қорғаў системасын жетилистириў бағдарында әмелий бирге ислесиўди күшейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

Билимлендириў, инклюзив билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларының ҳуқықый-институционаллық тийкарларын жетилистириў бағдарында да пикир алысылды.

ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте мультииндикатор кластер бақлаўлары (MICS)н өткериў көлемин және де кеңейтиў сондай-ақ, бул изертлеўге жуўапкер мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын және де кеңнен тартыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге келисилди. Сондай-ақ, БМШтың Балалар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын орынлаў бойынша миллий ҳәрекетлер режесин тез ўақыт ишинде қабыллаў зәрүрлилигине де айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанның ЮНИСЕФ пенен конструктивлик ҳәм нәтийжели бирге ислесиўин әмелий жойбарлар менен беккемлеўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА