Самарқанд мәмлекетлик  ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында республика шарўашылық ассоциациясыныӊ баслығы, белгили исбилермен Қутлымурат Панаев пенен студент жаслардыӊ ушырасыўы болып өтти.

Исбилермен ушырасыў даўамында мәмлекетимизде шарўашылық тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, оларға жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтти. Өзи басшылық етип атырған “PanaevFarms” шарўашылық кәрханасы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, сырт еллерден алып келинген нәсилли маллар, қой-ешкилерге қараў технологиясы, алынатуғын өнимлер ҳәм дәраматы ҳаққында кеӊ түрде түсиник берди.

-Ҳәр қандай бизнесте биринши гезекте илим ҳәм мийнет керек,-дейди Қ.Панаев. Усы екеўиниӊ үйлесиўи өзиниӊ унамлы нәтийжесин береди. Себеби, бүгинги күни ветеринария ҳәм шарўашылық тараўы бурынғыларынан түп-тийкарынан парықланады. Усыған жараса қәнигелерге болған талап та артып бармақта.


Ушырасыў барысында исбилермен өзи таӊлаған қәнигелигин жетик меӊгерген студент жасларға жоқары мийнет ҳақы төленетуғын жумыс орынларын усынды. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги