Қытайдың Ханчжоу қаласында XIX жазғы Азия ойынларында қарақалпақстанлы 3 қылышпаз қыз Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева ҳәм Дилназ Муртазаевалар елимиздиң абырайын мүнәсип түрде қорғап, жеңимпазлықты қолға киргизген еди.

Атап айтатуғын болсақ, жеке беллесиўлерде Зайнаб Дайыбекова ҳәм Дилназа Мурзатаевалар қола, Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаевалар командалық есапта алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

2-октябрь күни мәмлекетимиздиң мақтанышына айланған бул спортшыларымыз Нөкис қаласына қайтып келди ҳәм олар республикамыздың кең жәмийетшилиги тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.



Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б. Өтемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Алланазаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, республикамыз спортшыларын Азия ойынларында қолға киргизген табыслары менен қутлықлады ҳәм оларға гүлдәстелерин тапсырды.

-Қызым Гүлистанның Азия ойынларында Өзбекстан сайланды командасы қурамында мүнәсип түрде қатнасып, оғада қыйын беллесиўлерде қарсыласларын жеңип шыққаны мени шексиз қуўанышқа бөледи,-дейди Гүлистан Пердебаеваның анасы белгили журналист, филология илимлериниң докторы Тамара Машарипова.- Буның ушын қызымның тренерлерине үлкен рахмет айтаман.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы