Өзбекстан Республикаси Президентиниң арнаўлы Пәрманы тийкарында, быйылғы оқыў жылында қарақалпақстанлы абитуриентлер ушын мәмлекетлик грант тийкарында Жоқары оқыў орынларында оқыў ушын қосымша 3 000 орын, төлемли контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылып, олар бүгинги күни Пәрманда көрсетилген жеңилликлер тийкарында жоқары оқыў орынларының студентлери болып тәлим-тәрбия алмақта.

-Мен усы жылы Нөкис қаласындағы 46-санлы айырым пәнлер қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебин оқып тамамлап, Ташкент қаласындағы Жәҳән экономикасы ҳәм диполматиясы университетиниң юриспруденция қәнигелигине оқыўға кириў ушын тест имтиханын тапсырған едим,-дейди усындай жаслардың бири Тумарис Өтепбергенова.-Өткерилген тест имтиханы жуўмағында мен оқыўға кириў имканиятын беретуғын жеткиликли муғдардағы өтиў баллын топлай алмадым. Бирақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң қарақалпақстанлы жасларға көрсеткен аталарша ғамқорлығының нәтийжесинде, мениң көптен берли ойлаған әрманларым әмелге асып, қосымша берилген грант тийкарында  Жәҳән экономикасы ҳәм диполматиясы университетиниң юриспруденция қәнигелигине оқыўға қабылланыў бахтына миясар болдым. Буның ушын Президентимизге өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.

Шымбай районы Қамысарық аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Гүлзада Хожамуратованың шаңарағы ушын да Президентимиздиң бул Пәрманы оғада қолайлы болды. Себеби, оның қызы Күнсулыў Байниязова да быйылғы жылы шет тили қәнигелиги бойынша жоқары оқыў орнына тапсырып, оқыўға кире алмай қалған еди.

-Қуўанышымды тил менен айтып жеткериўим қыйын,-дейди Гүлзада Хожамуратова.-Қызым тест имтиханынан 134,4 балл топлап, өзи қәлеген оқыў орнына кире алмай қапаланып жүрген еди. Елимиз Президентиниң қарақалпақстанлы жасларға көрсеткен ғамқорлығының нәтийжесинде, республикамыздың көп мыңлаған жаслары сыяқлы, мениң қызым да  Бердақ атындағы  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультетине грант тийкарында оқыўға қабылланды. Ҳәзир өзи қатарлы дослары менен университетте тәлим алмақта. Буның ушын елимиз Президентине өзимниң атымнан шексиз рахметлер айтаман.

Ҳақыйқатында да, «жақсы перзент сүйиниш» дегениндей перзентлериниң қуўанышы ҳәм жетискенлигин көриў ҳәр бир ата-ананы шадлыққа бөлейди. Президентимиздиң халқымызға жаратып атырған қолайлықларының нәтийжесинде, бүгин жасларымыздың арзыў-нийетлери әмелге аспақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы