Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германияға әмелий сапары шеңберинде 29-сентябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер менен ушырасыўында қатнасты.

Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов та қатнасты.

Ушырасыўда конструктивлик сиясий пикирлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды, соның ишинде, Европа Аўқамы бағдарламалары шеңберинде тәмийинлеўдиң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде «Орайлық Азия – Германия» форматындағы бирге ислесиў перспективаларына айрықша тоқтап өтти. Әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына, бәринен бурын, жоқары технологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў, транспорт коммуникациялары, «жасыл» энергетика, кәсиплик тәлим, жедел мәдений ҳәм академиялық алмасыўларға айрықша итибар қаратылды.

Германияның жетекши компания ҳәм банклери Өзбектандағы жумысын кеңейтип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жасларымызда немис тилине қызығыўшылық артып атырғаны атап өтилди – ҳәзирги күнде елимизде оны дерлик 300 мың мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер үйренбекте.

Сөйлесиўде Германия Федерал Президенти Өзбекстан жетекшисин Берлин қаласындағы дүньяға белгили Жеймс Симон галереясында бийбаҳа мәдений-тарийхый көргизбе табыслы өткерилгени менен қутлықлады. Бир неше ай ишинде көргизбеге 200 мың берлинлилер ҳәм Германия пайтахтының мийманлары келди.


ӨзА