Қырғызстанда республиканың миллий байрағындағы белгилерди өзгертиў итималы ҳаққындағы мәселе көтерилиўи мүмкин. Бул басламаны парламент мәжилисинде депутат Улан Примов киргизди.

«Байрақтағы нур формасын өзгертиўди усыныс етемен, қуяш нуры тий түсиўи керек», деген ол.

Депутатты спикер Нурланбек Шакиев те қоллап-қуўатлады.

Қырғызстан парламентиндеги дәреклер «ТАСС»қа хабар бериўинше, ҳәзир бул мәселе бойынша тийисли нызам жойбары үстинде басланған жумыс соң улыўма халықлық додалаўға алып шығылады.

1992-жыл 2-март күни парламентте тастыйықланған Қырғызстанның әмелдеги миллий байрағын өзгертиў мәселеси усы ўақытқа шекем көтерилмеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги