Соңғы жыллары елимизде автотранспорт ҳәм темир жол транспорты менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер саны көбейип бармақта. Әсиресе, бундай кеўилсиз жағдайлардың мектеп оқыўшылары қатнасында жүз бериўи оғада аянышлы болып есапланды.

Усындай ўақыялардың алдын алыў мақсетинде, Нөкис темир жол станциясы бөлимше профилактика инспекторлары майор Н.Елмуратова ҳәм капитан Р.Таңирбергеновлар  Нөкис каласындағы 50- ҳәм 7-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшылар менен өз-ара ушырасыў өткерди.

Онда инспекторлар тәрепинен жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдалары, соның ишинде, темир жол қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў, поездлардың ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдыратуғын жағдайлардың алдын алыў бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

-2023-жыл даўамында республикамыз бойынша 3 пуқара темир жолларда жүз берген бахытсыз ҳәдийселердиң қурбаны болды,-дейди профилактика инспекторы, майор Наргиза Елмуратова.-Бундай қолайсыз жағдайлардың алдын алыў ушын оқыўшылар жолларда орнатылған жол белгилери ҳәм транспортлардың ҳәрекетлениў тезлигине итибар қаратыўы лазым. Соның менен бирге, поездлар киятырғанда темир жоллардан абайлы болып өтиў ҳәм оларға тас ылақтырмаў бойынша да айтып өттик. Әлбетте, бундай үгит-нәсият илажы алдағы ўақытлары өзиниң унамлы нәтийжесин береди деп ойлаймыз.

Бундай профилактикалық ушырасыўлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы