Бүгин, 28-сентябрь күни саат 02.43 те Ташкент қаласы Сергели районы «Қурылысшылар» мәҳәллесинде жайласқан қоймаханалардың биринде күшли ушқын шығыўы ақыбетинде өрт жүз бергенлиги ҳаққында Айрықша жағдайлар министрлигине хабар келген.

Соған бола, 16 өрт-қутқарыў экипажы ҳәм 3 автозәңги саат 02.48 де ҳәдийсе жүз берген аймаққа жетип барып, ҳәзирде өртти өшириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Өрт ақыбетинде пуқаралардың дене жарақатын алыў ҳәм қайтыс болыў жағдайлары бойынша ҳәзирше мағлыўмат келип түспеди.

Ҳәдийсе бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

ӨзА