Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева елимизде рәсмий сапар менен болып турған Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши төрағасы Нурланбек Шакиев басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў алдында Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўде туўысқан халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған Өзбекстан – Қырғызстан бирге ислесиўиниң әмелий тәреплерине итибар қаратылды.

Еки мәмлекет парламентлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги турақлы байланыслар избе-из түрде әмелге асырылмақта. 2017-жыл сентябрь айында Өзбекстан Президентиниң Қырғызстанға мәмлекетлик сапары ўақтында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши арасында парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылғаны өзбек-қырғыз парламентлериниң қатнасықларында жаңа басқышты баслап берди.

Усы тийкарда жумыс алып барып атырған парламентлераралық комиссия Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў, нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, аймақлар аралық бирге ислесиўди және де раўажланлырыў бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта.

Сөйлесиўлер ўақтында парламентлеримиз бирге ислесиўин және де раўажландырыў бойынша 2024-жылға мөлшерленген «Жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм қол қойыў, шегара алды ўәлаятлардың жергиликли кеңес депутатлары арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, парламент дипломатиясын раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги илажларды өткериў бойынша пикир алысылды.
















Сондай-ақ, сиясий пикирлесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де дыққат орайында болды.

Өткен 6 жылда өз-ара товар алмасыў көлеми 7 есеге артты. 2023-жыл январь-август айларында бул көрсеткиш 700 миллион долларға жетти. Автомобиль қурылысы, энергетика, электротехника ҳәм тоқымашылық тармақларында биргеликтеги жойбарлар  әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлеримиз арасында саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў ушын жетерли потенциал ҳәм барлық имканиятлар бар екенлиги айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет транспорт – логистика имканиятларын кеңейтетуғын жойбарларды әмелге асырыўда ҳәрекетлерди бирлестириў, Ташкент ҳәм Бишкек қалаларында саўда үйлерин ашыў сыяқлы әмелий жақлары додаланды.

Тәреплер еки туўысқан халықты бир-бирине жақынластырыўда мәдений-гуманитарлық байланыслар айрықша орын ийелейтуғынын атап өтти. Ош қаласында Бабур атындағы академиялық театрдың жаңаланған имаратының ашылғаны, тек ғана қырғыз ели ушын емес, соның менен бирге, пүткил түркий халықлар ушын да әзиз ҳәм қәдирли болған белгили жазыўшы Шынғыс Айтматовтың 95 жыллығына байланыслы бир қатар илажлар Өзбекстанда да өткерип келинип атырғаны айтып өтилди.

Ушырасыў жуўмағынында тығыз өз-ара бирге ислесиўге ҳәм тәжирийбе алмасыў, ҳәр қыйлы дәрежедеги парламент делегацияларының сапарларын турақлы шөлкемлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қырғызстан парламентлери дослық топарлары ҳәм комитетлери арасындағы байланысларды жеделлестириўге келисип алынды.

Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши төрағасы Н.Шакиев Олий Мажлис Сенатының ҳүрметли мийманлар китабында пикир жазып қалдырды.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы