Нөкис қаласындағы Саўда-санаат палатасының аймақлық басқармасында «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийетиниң көшпели қабыллаўы болып өтти.

Оған республикамыз турғынлары, саяхатшылық компаниялары хызметкерлери, исбилерменлер, блогерлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Онда усы акционерлик жәмийеттиң жуўапкер басшылары тәрепинен жыл басынан берли әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берилди.

-Бул ушырасыўды өткериўдиң тийкарғы мақсети, жолаўшыларды тасыў менен байланыслы ҳәм оларға хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў ушын шешилиўи тийис болған мәселелрди өз орнында көрип шығыў- дейди   «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийети басқармасы баслығының коммерция ҳәм туризм мәселелери бойынша орынбасары Шухрат Ядгаров.-Бул әлбетте, адамлардың авикомпаниямызға болған исенимин беккемлейди, деп ойлайман.

Көшпели қабыллаў даўамында соңғы ўақытлары қарақалпақстанлы жолаўшылар ҳәм исбилерменлерди қыйнап атырған машқалалар тыңланып, бул бойынша мүрәжат ийелерине нызам тийкарында  жуўаплар берилди. Ал, қосымша үйрениў ҳәм ўақыт талап етилетуғын мәселелерди шешиў бойынша жәмийеттиң жуўапкер басшыларына арнаўлы тапсырмалар тапсырылды.






Көшпели қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының орынбасары Р. Зарикеев қатнасты ҳәм авикомпания жумысын еле де жақсылаў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы