Нью-Йорк қаласына сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Cerberus» компаниясының вице-президенти Брайан Хук пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Активлериниң баҳасы 60 миллиард доллардан аслам болған глобал инвестициялық корпорациясы коммуникациялар тармағы, пайдалы қазылмаларды қазып шығарыў, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын модернизациялаў жойбарларына тиккелей инвестициялар қаратыўды режелестирген.

Вице-президент Брайан Хук биринши бирге ислесиў жойбарлары усы жылдың ақырына шекем басланатуғынын атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиў бойынша «жол картасы»н қабыллаўға келисип алынды.

ӨзА