Хабар етилгениндей, 17-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 78-сессиясының илажларында қатнасыў ушын Нью-Йорк қаласына келди.

Аэропортта жоқары мәртебели мийманды Нью-Йорк қаласының мэри Эрик Адамс, АҚШ-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.


Сапардың бағдарламасына муўапық, 19-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы жалпы сессиясының улыўма пикирлесиўлеринде шығып сөйлейди сондай-ақ, регионаллық ҳәм глобаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша өз көзқарасларын билдиреди.


Жылдың бас халықаралық сиясий илажы шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Америка Қурама Штатлары жетекшилериниң саммити, сырт еллер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм АҚШтың жетекши компанияларының басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да болып өтеди.

ӨзА