Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ структурасы- ЮНИCЕФ ҳәм Жәҳән банки “Халықаралық ашлық шегарасында кәмбағаллықта жасап атырған балалар” темасында биргеликтеги есабатын жәриялады. Ҳүжжетте белгилениўинше, 2013-2022- жыллар даўамында “жүдә кәмбағаллықта” күн көрип атырған балалардыӊ саны 383 миллионнан 333 миллионға түсип, ҳәзирги ўақытта көрсеткиш 13 процентке төменлеген.
Бизге белгили, келеси ҳәптеде Нью-Йоркта басланатуғын БМШ Бас Ассамблеясыныӊ мәжилисинде Турақлы раўажланыў мақсетлери кеӊ түрде талқыланады. Атап өтилиўинше, ҳәзирги барыста балалардыӊ кәмбағаллығын сапластырыў мақсетине 2030-жылға шекем ерисип болмайды. Еӊ көп кәмбағал балалар, яғный улыўмалық муғдардыӊ 40 проценти Сахара шөлистанлықларынан Қубла-батыс Африкаға шекемги аймаққа туўра келеди. Регионда 2013-жылы 54,8 процентти қураған кәмбағал балалардыӊ дәрежеси 2022-жылы 71,1 процентке көтерилгени айтып өтилген.
ЮНИCЕФ ҳәм Жәҳән банки ҳүкиметлер ҳәм мәпдар тәреплерди бул мәселеге айрықша әҳимийет бериўге шақырды.
ӨзА