Усы жылдың 9-сентябрь күни Мароккода жүз берген жерсилкиниў қурбанларының саны 2,9 мыңнан асты. Бул ҳаққында «Hespress» газетасы мәмлекет Ишки ислер министрлиги мағлыўматларына сүйенип хабар берди.
«Жер силкиниў қурбанларының саны 2901 ге жетти», — делинеди хабарда. Басылымның мағлыўматларына бола, 5530 пуқара түрли аўырлықта дене жарақатын алған.
9-сентябрь күни Марокконың Марракеш қаласы жанында 6,8 магнитудалы жер силкиниў жүз берди. Жерсилкиниў эпицентри 839 мыңға шамалас халық жасайтуғын елатлы пункттен 77 км узақлықта жайласқан.
Патшалықтың Ишки ислер министрлиги баянатына бола, айрықша жағдайлар уйымы бүлгиншиликлерди тазалаўда даўам етпекте. Сол мүнәсибет пенен жарақат алғанлар ҳәм қурбанлар ҳаққындағы мағлыўматлар өзгермекте.
Буннан тысқары, жер қабығының силкиниўи себепли көплеген белгили музейлер ҳәм мешитлер зыян көрген. Тийкарынан, жер силкиниў ХIХ әсирдиң екинши ярмында қурылған Дар-Си-Саид сарайына қатты зыян келтирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги