Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Қәдирли дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ҳәммеңизди пүткил дүньяда ашық аспан астындағы музей сыпатында даңқ таратқан, тарийхый ҳәм бийтәкирар Хийўа қаласында Халықаралық этноспорт фестивалының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул әнжуманда ЮНЕСКО, ТҮРКСАЙ, Пүткил жер жүзилик этноспорт конференциясы ҳәм оған ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, 63 мәмлекеттен дерлик 930 этноспорт ғайраткерлери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасып атырғаны фестивальға дүнья көлеминде қызығыўшылық ҳәм итибардың қаншелли үлкен екенин анық көрсетпекте.

Бул халықаралық әнжуманның үш мың жылдан аслам мақтанышлы өтмишге ийе болған Хорезм жеринде өткерилип атырғаны әлбетте, бийкарға емес. Бул қутлы үлке бизиң бай тарийх ҳәм мәдениятымыз, миллий қәдириятларымыздың әййемги бесиклеринен бири болып есапланады. Бул үлкеден жетисип шыққан Нажмиддин Қубра, Жалолиддин Мангуберди, Махмуд Палўан сыяқлы мәрт ҳәм батыр ата-бабаларымыз, дана сәркардаларымыз бенен биз ҳақылы түрде мақтанамыз.

Бизге белгили, халықтың тарийхын, миллий қәдирият ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлейтуғын этноспорт түрлери жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында, физикалық ҳәм руўхый жетик инсанлар етип тәрбиялаў, дүнья еллери менен дослық байланысларын беккемлеўде теңсиз әҳмийетке ийе.

Соның ушын, мәмлекетимизде миллий халық ойынларын үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги жыллары бул бағдарда бир қатар қарарлар, соның ишинде, Этноспорт түрлерин 2025-жылға шекем ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди.

Әсиресе, миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы жарыслар системасы шөлкемлестирилгени, Ташкент қаласында ҳәр жылы бир мәрте этноспорт түрлери бойынша республикалық фестиваль, Хийўа қаласында болса еки жылда Халықаралық этноспорт фестивалын өткериў жолға қойылғаны бул бағдардағы әҳмийетли әмелий қәдемлеримизден болып табылады.

Елимизде ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешелигинен келип шығып, миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў, спорт жарысларын шөлкемлестириў бойынша аймақлық бағдарламалар қабыл етилди.

Айырым этноспорт түрлери бойынша басқарыў системасы сондай-ақ, спортшы ҳәм тренерлер резерви қәлиплестирилгени, жарысларды турақлы өткериў ҳәм оларды қаржыландырыў енгизилгени бул тараўдағы жумысларды туралқлы түрде алып барыў имканиятын бермекте.

Жас әўлад арасында миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын ғалаба ен жайдырыўға айрықша дыққат қаратылмақта. Бул бағдарда маман қәнигелер таярлаў, илимий изертлеўлер алып барыў мәселелери де дыққатымыз орайында болып келмекте.

Бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттирген ҳалда, елимизде миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларының дизимлери қәлиплестирилди, өзбек гүресин ЮНЕСКОның этноспорт миллий ойынлары материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизиў илажлары көрилмекте.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Пурсаттан пайдаланып, бул фестивальға қатнасып атырғаныңыз ушын сиз, әзизлерге, сырт еллердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен бул фестиваль жер жүзиндеги абырайлы спорт әнжуманларының қатарынан мүнәсип орын ийелейтуғынына исенемен.

Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын спорт жарыслары, халықаралық турнир, жәҳән чемпионатлары ҳәм конференция жумысына табыс тилеймен.

Барлығыңызға саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, жаңа табыс ҳәм жеңислер яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти