Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев Уллы Британияның Аўғанстан бойынша антитеррор компаниясының басшысы Бхавик Шах пенен ушырасты.

Ушырасыўда Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай, аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў, жәҳән жәмийетшилигиниң мәмлекет экономикасын тиклеўдеги ҳәрекетлерин жеделлестириў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Бхавик Шах Өзбекстанның Аўғанстан бойынша бир пүтин регионаллық позицияны раўажландырыўдағы әҳмийетли ролин тән алып, Ташкенттиң регион еллерине террор қәўпи кирип келиўиниң алдын алыў бағдарындағы ҳәрекетине жоқары баҳа берди.

ӨзА