Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-сентябрь күни Пакистан Ислам Республикасы Қураллы күшлери Қурғақлықтағы әскерлериниң сәркардасы генерал Асим Мунир басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Өзбекстан менен Пакистан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў мәселелери додаланды.

Ушырасыў алдынан жоқары дәрежели мийман мәмлекетимиз басшысына Пакистан Президенти Ориф Алвий ҳәм Бас министр ўазыйпасын атқарыўшы Анвар Какардың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Сәўбетте бурын қабыл етилген «жол картасы»на муўапық өз-ара саўданың жоқары өсиў пәтин даўам еттириў, инфраструктуралық жойбарларды жеделлестириў ҳәм еки мәмлекет жетекши кәрханаларының кооперация жойбарларын күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы көзқарасынан пикир алысты.

«Термиз – Мазари-Шариф – Пешовар» темир жолын қурыў жойбарын алға қойыў мақсетинде әмелий ҳәрекетлерди муўапықластырыў әҳмийетли  екени атап өтилди.

ӨзА