Бүгин Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 78-сессиясы Нью-Йорк қаласында жумыс баслайды. Сессия күн тәртибинде тийкарғы халықаралық машқалалар ҳәм кризислер, климаттың өзгериўи, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, раўажланып атырған мәмлекетлердиң қарыздарлық машқалаларын шешиў мәселелери орын алған.
ТАСС агентлигиниң хабар бериўинше, Бас ассамблеяның жоқары дәрежедеги ҳәптеси 19-25-сентябрь күнлерине туўра келеди. Дүнья мәмлекетлери жетекшилери ҳәм Сыртқы ислер министрлери халықаралық жағдай ҳәм глобаллық машқалаларға қарсы гүресиў мәселелеринде өз көзқараслары менен ортақласады.
Жоқары дәрежедеги ҳәпте Бразилия Президенти Луис Инасиу Лула да Силванның шығыўы менен басланады. Буннан кейин АҚШ басшысы Жо Байден шығып сөйлейди.
Быйылғы Бас ассамблея сессиясының жумысында Россия, Уллы Британия, Қытай, Франция жетекшилериниң қатнасыўы режелестирилмеген.
Бас ассамблеяда Украина Президенти Владимир Зеленский қатнасады.
20-сентябрь күни БМШ Қәўписизлик кеңеси Украина бойынша мәжилисин өткереди.
Жоқары дәрежедеги ҳәптелик шеңберинде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң басламасы менен турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша саммит өткериледи.
Аброр ХОН, ӨзА