Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиң пәрманы менен бес жаңа министрлик шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында «Казинформ» хабар берди.
«Тоқаев қол қойған бес жаңа министрликтиң шөлкемлестирилиўи ҳаққындағы пәрманға бола, Министрлер Кабинети қурамында Суў ресурслары ҳәм ирригация, Транспорт, Туризм ҳәм спорт, Мәденият ҳәм мәлимлеме, Санаат ҳәм қурылыс министрликлери пайда болады», делинеди хабарда.
Мәмлекет басшысының және бир пәрманы менен ишки ислер, саўда ҳәм ирригация, мийнет ҳәм социаллық қорғаў, мәлимлеме ҳәм жәмийетти раўажландырыў, мәденият ҳәм спорт сондай-ақ, экология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлери ийелеп турған лаўазымынан босатылған.
Алдынырақ Президент администрациясында өзгерис әмелге асырылған. Басшы орынбасары лаўазымы бийкар етилип, ишки сиясат ҳәм коммуникация, экономикалық, халықаралық, ҳуқық, илим ҳәм инновация мәселелери бойынша жәрдемши лаўазымлары шөлкемлестирилген еди.
ӨзА