Хабарыңыз бар,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-июльдағы «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди.

Өзбекстан Мәмлекетлик кадастрлар палатасы баслығының орынбасары Р.Нишанов,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жуўапкер басшылары ҳәм қәнигелери менен бирге районлық,  қалалық жумысшы топарлар тәрепинен пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Төрткүл,  Нөкис,  Хожели районларындағы штабларда болды.

Тараў қәнигелерине пәрманның мазмун-мәниси, орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда жүзеге келип атырған мәселелер бойынша түсиниклер берип өтилди.

Усы жерде,  Кадастр агентлиги тәрепинен аймақтың Тақыятас ҳәм Хожели районлары үлги тәризде, жеделлестирилген тәртипте тапсырманы жуўмақлаў ушын таңлап алынғанын ҳәм бул ушын қосымша 50 ге шамалас хызметкерлер хатлаў жумысларына тартылғанын атап өтиў керек.

Сондай-ақ,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Мәмлекетлик Кадастрлар палатасы баслығының орынбасары Р.Нишанов басқа да тийисли мәкеме ҳәм шөлкем жуўапкерлериниң қатнасыўында Хожели ҳәм Тақыятас  районлары ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ушырасыў болып өтти.

Онда пәрманда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша районлық штабтың жуўапкерлери, мәкеме ҳәм шөлкем қәнигелери тәрепинен турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериўге тийисли жуўмақларды орнатылған тәртипте районлық ҳәм республикалық штабқа усыныў жағдайлары додаланды.




Соның менен бирге,  мәжилисте жер участкасына ижара ҳуқықын, турақ жайға мүлк ҳуқықын бериў, нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаў,  пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырмаўы ҳәм басқа мәселелерди кадастр хызметкерлери, сондай-ақ, тийисли жуўапкерлер тәрепинен район аймағында үйренилип шығылыўы бойынша тапсырмалар берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги