22-август күни Қубла Африка Республикасының Йоханнесбург қаласында БРИКС топары (Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Қубла Африка Республикасы)ның XV саммити ашылды. Күн тәртибиндеги тийкарғы темасы – «БРИКС ҳәм Африка – жедел өсиў, турақлы раўажланыў ҳәм инклюзив көп тәреплеме бирге ислесиў ушын».
Саммит баслығы, ЖАР Президенти Сирил Рамафоса илажға Африка ҳәм басқа да регионлардың 60 тан аслам мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшысын мирәт еткен. Әнжуман үш күн даўам етеди.
ТАСС агентлигиниң хабарына бола, қатнасыўшылар үш мәселени көрип шығадыҮ экономика ҳәм қаржы тараўында бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиў, сиясат ҳәм қәўипсизлик тараўындағы ҳәрекетлерди және де муўапықластырыў, гуманитарлық тараўға итибар бериў ҳәм ассоциация халықлары арасындағы социаллық, мәдений қатнасықлардың ҳәр қыйлы түрлерин хошаметлеў.
БРИКС мәмлекетлери басшыларының пикиринше, ағза мәмлекетлер арасындағы қатнастың тийкары өз-ара ҳүрмет, теңлик, ашық-айдынлық ҳәм консенсустан келип шығады. Бул принциплер барлық халықаралық шөлкемлерге, биринши гезекте Бирлескен Миллетлер Шөлкемине де тийисли болыўы керек екенлигин атап өтти.
24-август күни БРИКС – Африка сөйлесиўи ҳәм «БРИКСтиң дослары» форматында ушырасыў болып өтеди.
Қубла Африка режесине бола, структураның статусын көп мәрте күшейтиў, глобал Қубла ушын халықаралық қатнастың барлық системаларында түп-тийкарынан реформа өткериўди күн тәртибине алып шығыў зәрүр.
ӨзА