Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Нөкис қаласында «Nukus EVolution Expo – 2023» электромобильлер көргизбеси болып өтти.

Көргизбе мийманлары заманагөй жасыл энергетиканың тымсалы болған  – электромобильлердиң маркалары менен танысыў, оларды сатып алыў шәртлери, көргизбениң өзинде сатып алыў, бөлип төлеў, кредит яки лизингке алыў имканиятына ийе болды.

Көргизбеде «E-Car finance» ҳәм « Avto motors Аsia» компаниялары,  коммерциялық банклер ҳәм лизинг компаниялары қатнасты.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Х.Қайпназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, көргизбениң әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бундай көргизбе Нөкис қаласында биринши мәрте өткерилмекте. Ҳәзирги күнде дүнья базарында электромобильлерди ислеп шығарыў жедел раўажланып атыр. Соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен де республикамызға электромобиль импорты ушын бир қанша жеңилликлер берилип атыр. Бир ғана мысал, электромобильлерди  алып келиў бойынша пуқараларға 2019-жылдан баслап, бажыхана бажысы ҳәм акциз салығы бийкар етилди. Сонлықтан, транспорт куралларынан пайдаланыўшылар арасында әмелдеги транспортқа салыстырмалы электромобильлерге деген талап артып атырғаны сыр емес.

– Электромобильлердиң абзаллық тәрепи сонда – бир жыл даўамында пайдаланылған электромобиль орташа 1500 кг  карбонат ангидрид пенен атмосфера ҳаўасының патасланыўының алдын алады. Ҳәр бир бензин жанылғысында ҳәрекетленетуғын автомобиль 15 мың километр аралықты басып өткенде атмосфераға 3 тоннадан артық карбонат ангидрид газы, 93 килограмм углеводородлар, 0.5 тонна углерод оксиди, 30 килограммға шамалас азот оксидин бөлип шығарады екен,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.

Изертлеўлер нәтийжесинде электромобильлердиң қоршаған орталық ушын пайдалы екенлиги, олар бензин ҳәм метан менен ҳәрекетлениўши транспорт қуралларына салыстырмалы ҳаўаны патаслаў дәрежеси әдеўир төмен екенлиги тастыйықланған. Электромобильлердиң және бир тийкарғы абзаллық тәрепи – олар дерлик шаўқымсыз ҳәрекетленеди. Бул болса, қалалық жерлерде шаўқым дәрежесин азайтады.

Көргизбе даўамында исбилерменлик субъектлери, фермерлер ҳәм көргизбе мийманлары электромобильлерди жеткерип бериўшилер менен сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў шәртлери туўралы сөйлесиўлер алып барып, коммерциялық банклер ҳәм лизинг компанияларының хызметлеринен пайдаланған ҳалда кредитке ҳәм лизингке алыў имканиятына ийе болды.











Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги